Өзбекстанда коронавирусқа қарсы шаншыў усы жылдың 1-апрелинен басланады. Бул ҳаққында Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Нурмат Отабеков мәлим етти.

 

Шаншыў илажлары биринши гезекте 65 жастан жоқары болған адамлар ҳәм олар менен бирге қәўип асты топарына киретуғын медицина хызметкерлеринде өткериледи.

 

Медицина хызметкерлери арасынан коронавирусқа шатылған наўқасларды емлеўге қәнигелескен мәкемелердиң хызметкерлери, тез жәрдем ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем хызметкерлери, жуқпалы кеселликлер емлеўханасының хызметкерлери, коронавирусқа лабораториялық анализ бенен шуғылланыўшы хызметкерлер ҳәм бирлемши медициналық санитария хызмети, яғный амбулатория, поликлиника хызмети жумысшылары биринши гезекте шаншылатуғынлар қатарына киргизилген.

 

Н.Отабековтың қосымша етиўинше, ҳәзирги ўақытта шаншыў илажларын дәслеп ўәлаятлар орайлары, үлкен қалаларда баслаўға қарар етилген.

 

– Апрель айында ўәлаят орайлары ҳәм үлкен қалаларда шаншыў илажлары басланады. Май айында болса район орайлары ҳәм киши қалашаларда шаншыў илажлары әмелге асырылады. Июнь айында болса басқа халық қатламы шаншыўға қамтып алынады, – деп айтып өткен қәниге.

 

Мәлим болыўынша, Өзбекстанда шаншыў илажлары бир ўақыттың өзинде «COVAC» бағдарламасы арқалы алып келинген «AstraZeneca» ҳәм Қытай менен Өзбекстан илимпазлары авторлығында ислеп шығылған «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасы менен басланады.

 

ӨзР Санитариялық-эпидемиологиялық хызметиниң хабар бериўинше, вакцинация процесслеринде «AstraZeneca» вакцинасы менен еки мәрте, «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасы менен үш мәрте шаншыў белгиленген. Яғный шаншыў еки түрли вакцина менен халықтың қәлеўине қарай өткериледи.

 

Усы жерде айрықша атап өтиў орынлы, биринши шаншыўды қайсы вакцина менен алған болса, сол адам екинши шаншыўды сол вакцина менен жуўмақлайды.

 

Шаншыў илажлары жуўмақланғаннан кейин адамлар бақлаў бөлмелеринде 30 минут күтип турыўы керек болады. Бул шаншыў әмелге асырылған адамларда ҳәр қыйлы белгилер пайда болса оны сапластырыў мақсетинде әмелге асырылады.

 

Пуқаралар шаншыў илажларына жақын адамлары бақлаўында келиўи мақсеткен муўапық болады. Пуқараларда белгили бир өзгерислер жүз беретуғын болса, әлбетте мүрәжат етиўи тийис.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.