Нѳкис районы  Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы “Ақтерек” МПЖ  аймағында  жайласқан 14-санлы  МШБ шѳлкеми  район  ҳәкиминиӊ  28-август 2020-жылы 2264/8-санлы шешими   тийкарында Нөкис районы ҳәкимлиги есабынан Нөкис районы мектепке шекемги билимлендириӯ бөлими есабына 0,68 га ажыратып берилди ҳәм мектепке шекемги билимлендириӯ мәкемеси  етип шөлкемлестирилди.

60 орынға мѳлшерленген бул бақша  2019-2020-жыллар аралығында  жергиликли қаржы есабынан 620 млн сўм қаржы ажыратылып,  ООО «Саманбай Парахат қурылыс»  кәрханасы тәрепинен қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм  2020-жыл 22-май күнги «POYTAXT MEGA PROEKT» ЖШЖ  акти  менен қабыллап алынды.  Бақшаны  2020-2021-жыллар гүз-қыс дәўиринде турақлы ислеўге таярлаўды тәмийинлеў мақсетинде,   реже бойынша 15 тонна кѳмир менен тәмийинленди.

Буннан соӊ қурылыс жумысларыныӊ 2-басқышы ушын 348 млн сӯм қаржы ажыратылып, таӊлаӯ өткерилди. Бул басқышта бақшаныӊ азық-аӯқат өнимлери ушын қоймахана, балалардыӊ  ойынлар ойнаў майданшасы, көмирхана, балалар жуӯыныўханасын салыӯ режелестирилген.

Сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириӯ мәкемеси 114 млн 617 мыӊ сум қаржы есабынан қатты инвентарлар менен тәмийинленди.

Ҳақыйқатында да мақалада атап өтилгендей,  2021-жылы 16-январь күни бул балалар бақшасыныӊ  рәсмий түрде ашылыӯ мәресими болды.

Қыс мәӯсиминде ҳаӯа райы басымыныӊ кескин суўық болып кетиӯи ҳәм бақшаныӊ көмир брикет жанылғы түрине масластырылғанлығы, аймақта газ басымы болмағанлығы, қалаберсе,  мәкеме ушын  өз алдына трансформатор жоқ екенлиги ҳәм аӯқат асыӯ ушын газ плитасы электр энергиясына масластырылғанлығын инабатқа алып, оныӊ  жумысы ӯақтынша тоқтатып турылды. Сонлықтан бақшаға Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ бюджети  есабынан жаӊадан өз алдына трансформатор орнатып бериў  10-апрель сәнесине шекем режелестирилген.

Мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеми директоры лаӯазымын ӯақтынша атқарыӯ  6-санлы МШБШ методисти Исакова Гулшад Қуӯанышбековнаға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириӯ министрлигиниӊ буйрығы менен жүкленди.

Директор ӯазыйпасын ӯақтынша атқарып келген Исакова Гулшад Қуӯанышбековна тийкарғы жумыс орнынан 6-санлы шөлкемнен 2020-жылы 16–ноябрьдеги  №110-санлы буйрығы менен мийнет шәртнамасы тоқтатылған соӊ,  қосымша жүкленген шөлкем директоры ӯазыйпасы бийкар етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириӯ министрлигиниӊ 2021-жылы 15-февраль күнги буйрығы менен директор лаӯазымына Аташова Мерхан Дәӯлетбаевнаға  ӯақтынша директор ӯазыйпасын атқарыӯ жүкленип, 2021-жылы 15-март куни Аташова Мерханныӊ өз арзасы менен директор ӯазыйпасын ӯақтынша атқарыӯды тоқтатыӯ ҳәм шөлкем директоры ӯазыйпасын ӯақтынша атқарыӯ ушын Г.Исаковаға келисим бериӯ бойынша Нөкис районы МШББ тәрепинен  Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириӯ министрлигине     2021-жылы 15-март күни № 01-03-117 усыныс берилди ҳәм  Г.Исакованы шөлкем директоры ӯазыйпасын ӯақтынша атқарыӯшы етип бекитилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги