Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Алыс аймақлардағы бюджет шөлкемлерине маман қәнигелерди тартыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм «Басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысына улыўма жаңа механизмлерди енгизиў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, медициналық жоқары билимлендириў шөлкемин соңғы 3 жыл ишинде питкерген ҳәм басқа аймақта жасайтуғын медицина хызметкери алыс және шетки аймақларда жайласқан шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларға жумысқа қабыл етилгенде оларға кеминде 3 жыл ислеп бериў шәрти менен 30 миллион сум муғдарында бир мәртелик басланғыш жәрдем пулы, турақ жайы болмағанларға болса 3 жыл даўамында хызмет турақ жайлары менен тәмийинленеди ямаса базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында ҳәр айлық пул компенсациясы бериледи.

 

Усы тийкарда ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги жоқарыда келтирилген жеңилликлерге ийе болған алыс аймақ сыпатында белгилеп қойылған аймақларда төмендеги жумыс орынлары бар екенлигин мәлим етеди:

 

1. Нөкис қалалық медициналық бирлеспесиниң Қаратаў филиалында:

– шаңарақлық шыпакер – 1 ставка;

– тар тараў шыпакери – 0,5 ставка.

 

2. Қоңырат районы 67-санлы Аўыллық шаңарақлық поликлиникасында:

– тар тараў шыпакери – 0,5 ставка.

 

3. Қоңырат районы Көп тармақлы шаңарақлық поликлиникасының Қырққыз филиалында:

– шаңарақлық шыпакер – 1 ставка;

– тар тараў шыпакери – 1 ставка.

 

4. Қоңырат районы Көп тармақлы шаңарақлық поликлиникасының Жаслық филиалында:

– шаңарақлық шыпакер – 0,75 ставка;

 

5. Мойнақ районы 31-санлы Дослық АШП да:

– шаңарақлық шыпакер – 0,75 ставка;

– тар тараў шыпакери – 1,5 ставка.

 

6. Төрткул районы 42-санлы Аўыллық шаңарақлық поликлиникасында:

– шаңарақлық шыпакер – 0,5 ставка;

– тар тараў шыпакери – 2,5 ставка.

 

Усы жумысларға орналасыў қәлеўи болған пуқаралар Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлари министрлигине мүрәжат етиўи керек.

 

Мәнзил: Қарақалпақстан Республикасы, 230102,  Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 64-а жай.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.