Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутыўшы социаллық әҳмийетке ийе жойбарлары қабыл етиледи:
1.Мәмлекетлик уйымларда жәмийетлик кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға жәрдемлесиў;
- Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер, олардың структуралық индикаторларында баҳаланатуғын тараўларында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысты кеңнен жарытыў;
- Халықтың руўхый-әдеп-икрамлылық билимлерин арттырыў, шаңарақта жәмийетлик-мәнаўий орталықты саламатландырыў;
- Жәмийетте ҳаял-қызлардың орнын ҳәм абырайын, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмиийнлеў;
- Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинлерине әмел етилиўин, ҳәр бир пуқараның қәдир-қымбатын ҳүрметлеў ҳаққындағы түсиниклерди ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда жарытыў;
- Ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, жәрдемге мүтәж болған ҳәм аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, соның ишинде, майыплығы болған ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық жәрдем көрсетиў;
- Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жәмийеттеги орны ҳәм ролин күшейтиў, халықтың күнделикли машқалалары менен ислесиў ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
- Мәҳәллелерде нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мәселелеринде ишки ислер уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўин беккемлеў;
- Жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың нәтийжели ҳәм заманагөй механизмлерин енгизиў және ғалаба ен жайдырыў;
- Халық ушын бийпул кепилленген медициналық хызмет көрсетиў үстинен жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели механизмлерин ҳәм инновациялық усылларын енгизиў;
- Ҳаяллар ҳәм балаларды социаллық-ҳуқықый ҳәм руўхый ағартыўшылық жақтан қоллап-қуўатлаў да социаллық шерикликти күшейтиў;
- Мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериўдиң инновациялық түрлерин әмелиятқа киргизиў;
- Тараўлар бойынша өткерилген жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелери ҳаққында арнаўлы теле көрсетиў ҳәм радио еситтириўлер таярлап эфирге жибериў, интернет ҳәм баспаларда жарытыў;
- Тартыслы жағдайлар, шаңарақлық-турмыслық зорлық ислетиў жағдайларын ҳәм өз жанына қаст етиўге бейим минез-қулықты ерте сапластырыўда мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиўди қәлиплестириў.
Мәмлекетлик грантты ажыратыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты;
- Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың рәсмий www.fundngo.uz веб-сайтында t.me/group_jamoat_fondi телеграм каналында жайластырылған түринде толтырылған мәмлекетлик гранттың жойбары ушын арза;
- Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының Устав (Реже) нусқасы;
- Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гүўалық нусқасы;
- Егер жойбарды әмелге асырыў лициензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы;
- Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң усыныс ҳәм қоллап-қуўатлаў хатлары.
Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 40 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2021-жылдың 26-мартынан 30-апрелине шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100035, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, 1-жай.
Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың рәсмий www.fundngo.uz веб-сайтында ҳәм t.me/group_jamoat_fondi телеграм каналында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.