Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутыўшы социаллық әҳмийетке ийе жойбарлары қабыл етиледи:
- Жасларды нәшебентлик, әдепсизлик ҳәм басқа да зыянлы тәсирлерден қорғаўда билимлендириў мәкемеси, шаңарақ ҳәм мәҳәлле институтлары менен социаллық бирге ислесиўди күшейтиў;
- Шаңарақ институтын беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўда социаллық шерикликти күшейтиў;
- Халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары, ҳаяллар ҳәм майыплардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде социаллық кәрханаларды қәлиплестириў;
- Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды экономикалық, финанслық ҳәм бизнес тараўындағы көнликпелерин жоқарылатыў арқалы исбилерменликтиң ҳәр қыйлы тараўларына кеңнен тартыў;
- «Халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады» принципин турмысқа енгизиў арқалы халықты исбилерменликке кеңнен тартыў, шаңарақлық исбилерменлик ҳәм жумысты үйге алып ислеў, өнерменшиликти хошаметлеў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў;
- Халықтың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў бойынша «Мәҳәлле-сектор-район» принципи тийкарында нәтийжели бирге ислесиў системасын енгизиў, мәҳәллениң халық пенен мәмлекет арасында исенимли «көпир» болыўын тәмийинлеўге жәрдемлесиў;
- «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» идеясы тийкарында халықтың арасында руўхый-ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириў;
- «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады» деген идея тийкарында жас әўладтың физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат, ўатансүйгиш жаслар болып ержетиўине жәрдемлесиў;
- «Саламат шаңарақ – саламат жәмийет» идеясын турмысқа енгизиў, тынышсыз ҳәм машқалалы шаңарақларға мәнзилли жәрдемлесиў;
- Рәсмий емес мийнет миграциясының алдын алыўда, мийнет базарында бәсекиге шыдамлы болмаған жумысшы күшиниң бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў;
- «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды қәлиплестириў, жергиликли ҳәм сырт ел ҒХҚларында кеңнен жарытыў.
Мәмлекетлик грантты ажыратыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты;
- Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың рәсмий www.fundngo.uz веб-сайтында t.me/group_jamoat_fondi телеграм каналында жайластырылған түринде толтырылған мәмлекетлик гранттың жойбары ушын арза;
- Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа даинститутларының Устав (Реже) нусқасы;
- Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гүўалық нусқасы;
- Егер жойбарды әмелге асырыў лициензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы;
- Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң усыныс ҳәм қоллап-қуўатлаў хатлары.
Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 40 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2021-жылдың 26-мартынан 30-апрелине шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100035, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, 1-жай.
Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың рәсмий www.fundngo.uz веб-сайтында ҳәм t.me/group_jamoat_fondi телеграм каналында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.