Алдын хабар бергенимиздей, бүгин, 20-март күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы еки орында – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Жаслар орайы имаратлары алдында Наўрыз улыўма халықлық байрамына арналған халық сейиллери ҳәм байрам концерти болып өтти.

 

Өткерилген илажларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов қатнасты.

 

Төменде сиз Жаслар орайы алдында болып өткен байрам концерти ҳәм халық сейиллеринен Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матеков тәрепинен таярланған арнаўлы фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.