Пайтахтымыздағы Өзбекстан-Япония орайында күншығыс ели ҳүкиметиниң «Киши көлемли социаллық жойбарларға бийғәрез жәрдем» бағдарламасы шеңберинде гезектеги грант шәртнамаларына қол қойылды.

Илажда Денсаўлықты сақлаў, Халық билимлендириў, Қаржы, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрликлери ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

1995-жылдан баслап усы бағдарлама тийкарында медицина, билимлендириў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да бир қатар тараўлар бойынша елимиз мәкемелери, жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўында дерлик 29 миллион долларлық жәми 400 ден аслам жойбар әмелге асырылды.

Бул ретки грант алыўшы мәкемелер менен улыўма есапта 483 502 долларлық 6 ҳүжжетке қол қойылды. Тәреплердиң келисиўине бола, жойбарларға тийкарланып ажыратылған қаржы жәрдеминде Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы және усы структураның Ферғана, Қарақалпақстан филиаллары, Сырдәрья ўәлаяты Гүлистан қалалық медицина бирлеспеси акушерлик комплекси, Жиззақ ўәлаяты Фориш районлық медициналық бирлеспеси медициналық үскенелер менен тәмийинленеди. Сондай-ақ, Ферғана ўәлаяты халық билимлендириў басқармасы қарамағындағы көзи әззи ҳәм герең оқыўшыларға қәнигелестирилген билимлендириў мәкемесине де зәрүр үскенелер жеткерип бериледи.

– Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл декабрь айында Японияға әмелге асырған дәслепки сапарының нәтийжесинде, еллеримиз арасындағы стратегиялық шериклик пүткиллей жаңа басқышқа көтерилип, қатнасықларымыздың көлеми сезилерли дәрежеде кеңейди,- дейди күн шығыс елиниң мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ёшинори Фужияма. – Ҳәзирги ўақытта пүткил дүнья бойлап тарқалған коронавирус пандемияның унамсыз тәсирине қарамастан, ҳәр қыйлы тараўлардағы байланысларымыз раўажланыўда даўам етпекте. Бирге ислесиўимиз себепли ерисилип атырған нәтийжелер япон халқы Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы дослық байланысларын буннан кейин де беккемлеў нийетиндеги исеними беккем екенинен дәрек береди.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы