Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев еки күн даўамында тийисли тараў басшыларының қатнасыўында көшпели қабыллаў өткерип, онда аймақлардағы физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары тыңланды.

Қабыллаўлар барысында 30 дан аслам мүрәжатлар тыңланды ҳәм олардың орынланыўы бойынша орынлардағы жуўапкер мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшыларына тапсырмалар берилди.

– Атап айтқанда, Кегейли районы «Абат» АПЖ аймағындағы «Қунназарова Лиза» фермер хожалығының баслығы Сапарбай Тлеўмуратов «Абат ярмыш» районлараралық каналына электр насос қурып бериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери F.Атажанов. – Усы мәселе бойынша тийисли жуўапкер мәкемелерге орынларға барып үйренген ҳалда насос станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыўдың мақсетке муўапықлығы, кейин ким ийелик етиўи ҳәм мәселениң шешими бойынша анық усыныс киргизиў ўазыйпасы жүкленди.

Сондай-ақ, нураний Юсипбай Әбдиқәдировтың «Бәкир жарған» каналын тазалаўда, «Бекбосын-Есбосын» фермер хожалығының баслығы Султан Досмуратовтың «Тентек жап» каналын қазып-тазалаўда техника ажыратыў бойынша еткен мүрәжаты сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Бул бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Беруний ҳәм Елликқала районларында өткерилген көргизбели семинарлар шеңберинде аймақлардағы кластерлер менен фермер хожалықлары басшылары ушын көшпели қабыллаўлар өткерилди.

Қабыллаўларда Қарақалпақстан шараятында суўды үнемлейтуғын технологияларды орнатыў бойынша әмелий қолланбалар таярлаў, фермерлерге тарқатыў, суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилгеннен кейин усы атызлардағы жабайы шөплерге ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў бойынша агрономлардың мәсләҳәтлерин  шөлкемлестириў және быйылғы күтилип атырған суў көлеминиң прогнозларына байланыслы мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди. Суў муғдарларына байланыслы күтилип атырған прогноз бойынша министрдиң өзи толық мағлыўмат берди.

Илажда кластерлер менен фермер хожалықлары басшыларының пикир-усыныслары тыңланып, тийисли ўазыйпалар белгиленди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги