Усы жыл 6-10-март күнлери аралығында Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында спорттың футзал түри бойынша 2008-жылы туўылған жас өспиримлер арасында «Спорт мектеплери футбол лигасы» Өзбекстан чемпионаты өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы чемпион болды.

11-март күни пайтахтымыздағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша  қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спортшыларды салтанатлы күтип алыў мәресими өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Футбол ассоциациясының қәнигелери, нураний спортшылар ҳәм спортшылардың ата-аналары, устазлары менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

-Спорт мектебимизде спорттың 11 түринен 2241  спортшы тәрбияланбақта. Оларға 78 тренер спорт сырларын үйретпекте.  Спортшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Спорттың футбол түринен мектебимизде 446 ер балалар тәрбияланып, оларға  11 тренер басшылық етеди. Сондай-ақ, футбол спорт секциямызда қызлар да шуғылланбақта, – дейди  Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша  қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби директоры Дәўлетмурат Қалхоразов. Бүгинги жетискенлик халқымыз ушын да, мектебимиз жәтәәти ушын да үлкен жетискенлик болды.

Илажда шығып сөйлегенлер спортшыларды ерискен жетискенликлери  менен қутлықлады.

– Чемпионат қызықлы беллесиўлерге бай болды.Үлкен тәсирлер алдық. Чемпионатта қарсылас командаға 14 топ өткерип,  ҳеш бир команда бизлердиң  командамыз дәрўазасына топ өткере алмады. Усындай дәрежеге жетиўимизде ата-анамыздың, тренерлеримниң мийнетлери айрықша. Билдирилген исенимди ақлап, көбирек изленип, келешекте елимиздиң байрағын көклерге көтере беремиз, – дейди Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасының дәрўазаманы Самандар Бахтыяров.

Спортшыларға мектеп жәмәәти тәрепинен таярланған естелик саўғалары тапсырылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы