Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы  Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң басламасы менен «Тәбият ушын бирлесейик» сүрени астында «Жасыл аймақ» акциясы өткерилди.

Акция көтериңки руўхта өткерилип, оған жоқары оқыў орынларының 250  ден аслам кеўилли жаслар қатнасты.

Акция тийкарынан Өзбекстан Экология партиясы Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәкимлиги және Нөкис қалалық абаданластырыў   департаменти ҳәм эко волонтёрлар менен биргеликте шөлкемлестирилди.

– Елимизге бәҳәр мәўсими кирип келди. Ана-тәбиятымыздың тазалығын сақлаў-ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз есапланады. Жасарыў ҳәм жаңаланыў мәўсиминде тәбияттың таза болыўы ушын ҳәр бир инсан өзлериниң үлесин қосады деген үмиттемен, – дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының магистранты, эковолонтёр Аллаяр Дәрменов. Акция елимиздиң барлық аймақларында өткериледи.

Акция даўамында 1000 нан аслам саяманлы дарақ ҳәм терек нәллери және қәлемшелер егилди.

Акцияға белсене қатнасқан қатнасыўшылар Ҳүрмет жарлықлары  ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы