Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал канцлери Ангела Меркель 12-март күни видеоәнжуман түринде ушырасыў өткереди.

Еки мәмлекет жетекшилери Өзбекстан менен Германия арасындағы көп қырлы шерикликти  буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шығыўы нәзерде тутылған.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, конструктивлик сиясий қатнасықты раўажландырыў, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўге байланыслы биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

Сөйлесиўлерде халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир  алысады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти 2019-жылдың январь айында рәсмий сапар менен Германия Федеративлик Республикасында болды, сол жылдың май айында болса Германия Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер жуўап ретинде сапар етип Өзбекстанға келди.

Германия Өзбекстанның әҳмийетли экономикалық, инвестициялық ҳәм технологиялық шериклеринен бири болып табылады.

Өткен жылдың жуўмақларына бола өз-ара товар алмасыў  829 миллион долларды қураған, мәмлекетимизде Германияның  700 миллион доллардан аслам инвестициялары өзлестирилген. Өзбекстанда  200 ге шамалас биргеликтеги  кәрхана жумыс ислемекте.

 

ӨзА