Халқымыз бәҳәрдиң теңсиз гөззаллығын әдиўли ҳаялларымыздың шырайлы жүзлерине теңейди.

Меҳир-муҳаббат ҳәм адамгершиликликтиң туңғыш сабақларын да әзиз аналарымыздан, олардың бесигимиз қасында пәрмана болып айтқан ҳәййиў ырғақларынан аламыз.

8-март ­ Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен  пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында шөлкемлестирилген салтанатлы илажда қәдирдан ҳаял-қызларымызға айрықша ҳүрмет көрсетилди.

Саўлатлы сарайға Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан келген, жәмийетлик турмыстың барлық тараўында пидәкерлик мийнет етип атырған ҳаяллар, Зульфияханым қызлары ҳәм мийманларды гүллер менен күтип алған жигитлер залға гүзетип қойды. Олардың арасында мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған сырт елли дипломат ҳаяллар, халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының ўәкиллери де бар.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимиз ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлап, сөз сөйледи.

­ Инсан өмири ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында муқаддес Ана, әдиўли ҳаял-қызларымыздың орны ҳәм әҳмийети шексиз екенин әпиўайы сөзлер менен аңлатыў жүдә қыйын бир ўазыйпа. Мине,  усындай пайытта Сиз, әзизлердиң атыңызға қосықлар айтыў ушын адам шайыр болып туўылмағанына бийықтыяр өкинип қалады, ­ деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент ҳаял-қызлардың барлық тараўлардағы белсендилиги, әсиресе, пандемия шараятында халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм балаларды оқытыўдағы пидайылығын айрықша атап өтти.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде мийнет пенен бәнт халықтың 45 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Басқарыў системасында олардың үлеси 33 процентке жетти. Бир ярым мыңға шамалас ҳаяллар басшылық лаўазымларында ислемекте. Бул бағдардағы потенциалды және де арттырыў мақсетинде 6 мыңнан зыят белсенди ҳаял-қызлардан ибарат кадрлар резерви қәлиплестирилгени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы 6 районда ҳаяллар ҳәким ўазыйпасында ислеп атырғанын атап өтип, оларды алғыслады.

­ Бундай заманагөй билим ҳәм талантқа, жетекшилик қәбилетине ийе, пидайы ҳаял-қызларымыз ­ халқымыз, миллетимиздиң алтын фонды, десек, ҳасла қәте болмайды, ­ деди Президент.

Ҳаяллардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, оларға көмеклесиў бойынша  ең төменги буўын мәҳәлле ҳәм үйге шекем кирип баратуғын вертикал система жаратылмақта. Кейинги үш айда социаллық қорғаўға мүтәж 80 мың ҳаял-қыздың машқалалары шешилди, 32 мыңы жумыс пенен тәмийинленди.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ушын дерлик 215 мың шаңараққа 6 триллион сумнан артық кредит қаржылары ажыратылды. Турақ жай сатып алыў ушын 1 мың 250 ҳаял-қыз 22 миллиард сумға шамалас  басланғыш төлемлер төлеп берилди.

Президентимиз ҳаялларды материаллық, социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша және бир қарарға қол қойғанын мәлим етти. Оған бола, быйылғы жылда турмыс шараяты аўыр ҳаяллар ҳәм жалғыз анасының қарамағында өскен қызларды жай менен тәмийинлеў мақсетинде бюджеттен 210 миллиард сум, баспанасы болмағанларды социаллық турақ жайлар менен қамтып алыў ушын және 211 миллиард сум қаратылатуғыны айтылды. Сондай-ақ, мүтәж ҳаял-қызларга материаллық жәрдем бериў, оларды емлетиў, кәсип-өнерге оқытыў, жумыс пенен тәмийинлеў ушын да үлкен қаржылар ажыратылады.

Мәмлекет басшысының сөзи халқымызға, әсиресе, жас жигит-қызларға мүрәжат, шақырық та болды.

­ Шаңарақ ­ меҳир ҳәм бахыт қорғаны. Шаңарақ бар екен, перзент деген бийбаҳа жемис бар, инсаный қәдир-қымбат ҳәм мәнаўият бар. Шаңарақлық бахыт бул ­ ең уллы бахыт. Белгили қосықлардан биринде айтылғанындай: «Үйинде бахты барлар ҳәмме жерде бахтияр». Мен әзиз жигит-қызларымызға мүрәжат етип айтпақшыман: турмыс қурыўға, шаңараққа, перзент тәғдирине оғада терең жуўапкершилик пенен қараң. Бул мәселеге жүзеки жантасып, ҳәм өзиңиздиң, ҳәм өзге бир инсанның өмирин қәўип астына қоймаң», ­ деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Бул бағдарда көпти көрген мәҳәлле белсендилери, ҳүрметли нураныйлар ҳәм жасларға үлкен исеним билдирилди.

Мәлим болғанындай, усы жыл 11-февраль күни мәмлекетимиз басшысы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң сессиясында шығып сөйлеп, жәмийетлик-сиясий турмыста ҳәм исбилерменлик тараўында ҳаяллардың ролин түп-тийкарынан арттырыўға қаратылған жумыслар исенимли даўам еттирилиўин көрсетип өткен еди.

Байрам илажында Президент бул бағдардағы ўазыйпаларды биргеликте әмелге асырыў мәселелерине тоқтап өтти. Қызлар тәрбиясы, оларды бийғәрез турмысқа таярлаў, заманагөй билим ҳәм өнерлерди ийелеўи, жумыс орнына ийе болыўы, жәмийетте мүнәсип орын табыўына айрықша әҳмийет бериўимиз зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 8-март күни қабыл етилген «8-март ­ Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, елимизде алып барылып атырған түпкиликли реформаларда белсене қатнасып, жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абаданлығын көтериў жолында инта ҳәм ибрат көрсетип киятырғаны ушын бир топар ҳаяллар ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. 8-марттағы Президент қарарына бола, жигирма сегиз белсенди қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланды.

Салтанатлы байрам илажында бул жоқары сыйлықлар өз ийелерине тапсырылды.

Сондай-ақ, орынларда өзиниң кәсип тараўында үлкен нәтийжелерге ерискен, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасып киятырған 297 апа-қарындасларға «Мўътабар аёл» көкирек белгилери берилди.

Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде ҳүрметли аналар, апа-қарындасларымыз, дилбар қызларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў тек ўазыйпа емес, ал, инсаныйлық миннет екенин айрықша атап өтти.

Мийманлар мол дастурхан үстинде, көтериңки кейпиятта байрамды белгиледи. Елимиз ардағындағы көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы бәршеде үлкен тәсир қалдырды.

Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздағы Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионатты барып көрди. Жатақхана ҳәм даўалаў ханаларында жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы пансионатта жасап атырған нураныйлар менен сәўбетлести.

­ Бул жерге келип, Ўатанымыз ушын көп мийнет еткен сиздей әдиўли инсанлар менен ушырасып турғанымнан жүдә қуўанышлыман. Пурсаттан пайдаланып, бул жердеги әзиз аналарымызды, шыпакер ҳаялларымызды жақынласып киятырған 8-март байрамы менен қутлықлайман, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Нураныйлар елимиз басшысына сапар етип келгени, кексе әўладқа итибары ушын миннетдаршылық билдирди.

Урыс ҳәм мийнет ветеранлары пансионатында 138 нураный мәмлекет тәмийнатына алынған. Президентимиз бул жерде мәдений илажлар өткериў ушын жаңа имарат ҳәм пансионатқа тутас 3 гектар майданда Нураныйлар паркин жаратыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берди.

Видеоконференция тәризинде өткен ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар, социаллық мәкемелердиң басшылары да қатнасты. Мәмлекетимиздеги «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» үйлериндеги шараятларды, медициналық-социаллық хызметлерди жақсылаў мәселелери талқыланды.

­ Бүгин басқаша ушырасыў болады. Тек бул пансионат емес, мәмлекетимиздеги барлық 34 «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» үйин жақсылаў илажларын келисип аламыз. Оларда жәми 9 мың 700 орын  болып, ҳәзир 8 мың 840 нураныйларымыз жасап, емленип атыр. Лекин, бул үйлерге ҳеш ким кирмеген, тек байрамларда ғана есленген, тәртип, итибар болмаған. Бундай инсанлар меҳир излейди, итибар излейди. Олардың дуўасын алсақ, елимизге берекет жаўылады, ­ деди Президент.

Усы мақсетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Медициналық-социаллық хызметлер агентлигин Министрлер Кабинети структурасына өткериў зәрүрлиги атап өтилди. Шараяты аўыр мәкемелерде қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў, медициналық үскенелерди жаңалаў, заманагөй физиотерапия бөлимлерин шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

­ Бурынғы нормаларды қайта көрип шығып, бул жерлерде жасап атырған пуқараларымыздың дәрилерин көбейтиў, аўқатларының сапасын өзгертиў, тағам таярлаўда аутсорсинг системасын жолға қойыў керек. Олардың жағдайынан хабар алып турыў ушын жақын әтираптағы емлеўханалар, мектеплерди бириктириў де мүмкин. Бул да итибар, меҳир-мүриўбет. Бийтап инсанларға итибарды күшейтсек, және де тәўир болады, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Барлық мәкемелерге автобус саўға етип, елимиздиң дыққатқа ылайық орынлары ҳәм зыярат орынларына саяхатларын шөлкемлестириў, концерт бағдарламаларын, ҳәўескерлик дөгереклерин шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Кәсиплик аўқамлары федерациясына «Сақаўат» үйлериндеги барлық нураныйларды ҳәр жылы бир мәрте елимиздиң ең жақсы санаторийларында саламатландырыў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» үйлери хызметкерлериниң пидайылығын, меҳрибанлығын айрықша атап өтип, олардың айлық мийнет ҳақыларын арттырыў бойынша көрсетпе берди.

 

ӨзА