Өзиниң аўылхожалығы тараўындағы карьерасын 2003-жылы  Нөкис районындағы  «Шортанбай»  хожалығында ижарашы болып баслаған  «Ўзбегим аёли»   сыйлығының ийеси  Жүзимгүл Бекбергенова  заман бағытын дурыс аңлап,  2006-жылы  «Мәжит-Жүзимгүл»  фермер хожалығын шөлкемлестиреди.

-Фермер хожалығын  16 гектар жер майданы менен ашқан болсам, соңын ала жер көлемин  2008-жылы  57 гектар, ал, ҳәзир болса, 60 гектарға жеткериўге миясар болдым,-дейди ол бизге өзиниң басып өткен мийнет жолы туўралы сорағанымызда.- Әкем  Шымберген Кегейли районындағы ҳәзирги Қ.Ҳабибуллаев хожалығында пахташылық бригадасын басқарғанлықтан бизлер де кишкене гезлеримизден баслап-ақ, дийқаншылыққа  араласып ѳстик. Сонлықтан болса  керек, ѳзимниң тийкарғы қәнигелигим байланысшы болыўына қарамастан, 2003-жылдан баслап ѳзим қызыққан  аўылхожалығы тараўына  жумысқа киристим.

 

 

Шынында да инсан ѳз қызыққан кәсипте жумыс ислесе ғана сол жерде нәтийже болыўы анық. Буны бүгинги күни турмыстың ѳзи айқын мысаллар менен дәлийлемекте. Сол айтқанымыздай Жүзимгүл Бекбергенова да ѳзи сүйген тараўда жумыс ислегенликтен, соңғы жыллары аўылхожалығында үлкен нәтийжелерди қолға киргизип, шаңарағы менен қоса мәмлекетке де пайда келтирип атырған республикамыздағы ең үлгили фермерлердиң бири болып табылады.

 

 

-Хожалығымыз ҳәр жыл сайын мәмлекетке ғәлле ҳәм пахта тапсырыў режелерин артығы менен орынлап киятыр,-дейди ол ѳз сѳзин даўам етип.-Хожалығымызда пахта ҳәм бийдайдан тысқары,  овощ-палыз ѳнимлери де жетистирилип, ѳз ѳнимлеримиз бенен бизлер тек район халқын емес, ал Нѳкис қаласы турғынларын да тәмийинлеп турмыз. Соның менен бирге,  бизлер ѳзимиз жетистирген  овощ-палыз ҳәм дәнли ѳнимлеримизди 2015-жылдан бери турақлы түрде Хожели районындағы Республикалық «Меҳрибанлық үйи»не  қайырқомлық жәрдеми сыпатында жеткерип берип турмыз.  Хожелидеги балалардың маған билдирген алғысы маған  айрықша күш-жигер бағышлайды ҳәм мен буннан ѳзиме руўхый азық алып  еле де алға қарай умтыла беремен…

Ҳақыйқатында да, Жүзимгүл Бекбергенова атап ѳткениндей кемкеўил адамларға исленген ҳәр бир жақсы әмел инсанға руўхый күш инәм етеди. Усындай инсанларға ислеген саўаплы ислери ел нәзерине түскен ол,  Ѳзбекстан Либериал-демократиялық партиясы тәрепинен 2019-жылы Халық депутатлары Нѳкис районлық Кеңесине депутатлыққа талабан сыпатында усынылып, аймақ  халқы тәрепинен депутат болып сайланады.

-Бүгинги күни  «Шортанбай»  ҳәм «Ақтерек» елатларында жасаўшы 7 кем тәмийинленген хожалықты ѳз қәўендерлигиме алып, оларға ҳәр шеректе материаллық жәрдемлер кѳрсетип киятырман. Депутат болыў инсанға күтә жоқары жуўапкершилик жүклейди екен. Мен буны ѳзим депутат болғаннан соң ғана жақсы түсинип атырман. Алдағы ўақытлары жумысларымызды еле де жанландырып, дийқаншылыққа қоса мал шарўашылығын да раўажландырыўды мақсет еткенмен. Бунда маған қыз апам Амангүл, улым Сәрсенбай ҳәм қызларым қолқанат болып жүр,-дейди Жүзимгүл Бекбергенова.

Ѳзиниң ҳадал маңлай тери менен бир ул, үш қызды тәрбиялап атырған мақаламыз қаҳарманы Жүзимгүл Бекбергенова Миллий телеканал тәрепинен ѳткерилген  «Ўзбегим аёли» республикалық таңлаўында жеңимпаз атанып, «8-март- халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы»  қарсаңында Ташкент қаласында ѳткерилген салтанатлы мәресимге қатнасып шѳлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы статуэтка ҳәм диплом менен сыйлықланып  қайтыўға миясар болды.  Бизлер де ѳз гезегинде заманласымыз Жүзимгүл Бекбергенованың  алдағы ислерине табыслар тилеп, ел алдында бәрҳа жүзиң жарқын болсын деп қаламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.