Мүбәрек Рамазан айы алдынан Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры тәрепинен гезектеги илажлар өткерилди.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының баслығы Яҳё Абдураҳманов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бауатдинов Нөкис Муҳаммад ибн Ахмад әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журтының талабалары менен ушырасты.

Ушырасыўда Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтилди. Өткен дәўир ишинде қор тәрепинен мешитлер ҳәм диний тәлим мәкемелерин қурыў ҳәм оңлаў, диний мәкемелер ҳәм билим журтларының  материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқытыўшылар менен талабаларын материаллық ҳәм мәнаўий қоллап-қуўатлаў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға, майыплығы болған инсанларға  айтарлықтай жәрдем көрсетилди. Ушырасыў соңында талабаларға азық-аўқатлық затлар, оқыў қураллары ҳәм зәрүр инвентарлар тапсырылды.

Қоңырат районындағы «Ҳәким Сулайман» жоме мешитиниң имам-найыбы, бир нешше жыл «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны мешити ўәкили болып пидайы мийнет еткен Муҳаммад-Әлий Мамутов коронавирус пандемиясы дәўиринде қайтыс болған еди. Изинде зайыбы ҳәм үш перзенти қалды. «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм қәўендерлер тәрепинен усы шаңараққа Нөкис қаласынан барлық қолайлықларға ийе үш ханалы турақ жай тапсырылды. Перзентлерине саўғалар берилди. Өз гезегинде шаңарақ ағзалары бундай ғамқорлығы ушын Президентимизге, «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорына, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына, қәўендерлерге миннетдаршылық билдирди.

-Мақсетимиз мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиў, диний билимлендириўди раўажландырыў ҳәм тараў қәнигелерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып табылады,-дейди Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының баслығы Яҳё Абдураҳманов.-Аймақтағы ишимлик суўы машқаласын есапқа алған ҳалда шетки аўылларда жасаўшы халыққа 20 қудық қазып бермекшимиз. Бул қудықлар мүбәрек Рамазан айы алдынан пайдаланыўға тапсырылады.

Әлбетте, бундай қайырқомлық илажлары халқымызға тән болған мийрим-шәпәәтлик, бир-биреўге ҳүрмет сыяқлы ағла пазыйлетлердиң әмелдеги көриниси болып табылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.