Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында басқарма хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының қатнасыўында «Коррупцияға қарсы гүресиўде ҳәр биримиз жуўапкермиз!» сүрени астында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда басқарма баслығы О.Хожиматов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен тараўға көрсетилип атырған жоқары итибар нәтийжесинде, басқармаға қараслы барлық мәкемелер менен постлардың инфраструктурасы түп-тийкарынан жаңаланғанлығы, хызметкерлер ушын мүнәсип хызмет шараятлары жаратылғанлығы, заманагөй офис, мәлимлеме технологиялары ҳәм мебельлер менен толық тәмийинленгенлиги, хызметкерлерге жаратылған жеңиллик, социаллық жәрдемлер, кредитлер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди. Енди, олар ҳеш нәрсеге алаң болмай, тек ҳадал жумыс ислеўи керек екенлиги атап өтилди.

Хызметкерлердиң коррупция жолына кирип кетпеўи ушын оның жақын туўысқанлары, шаңарақ ағзалары да жуўапкер екенлиги атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, бажыхана уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, бажыхана хызметкерлериниң ҳадал, жуўапкершиликли, сап ҳүжданлы ҳәм әдалатлы болыўы ушын турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары жолға қойылған.

Ушырасыўда «Даўыт ата» ҳәм «Қарақалпақстан» темир-жол шегара бажыхана постларында хызмет етип атырған хызметкерлерди социаллық қорғаў мақсетинде қурылған хызмет үйлери, оларда жаратылған шараятлар бойынша таярланған видеоролик қойып берилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.