23-26-февраль күнлери аралығында Беларусьтың Гомель қаласында 2002-2003-жылларда туўылған жаслар арасында А.Юковтың естелигине арналған халықаралық турнир болып өтпекте.

 

Турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында 52 кг салмақ категориясы бойынша қатнасып атырған жерлесимиз Мәдияр Дәнияров өзиниң биринши жекпе-жегин Беларусь Республикасы чемпионы Денис Беницевичке қарсы өткерди.

 

Жекпе-жекте қарақалпақстанлы спортшы қарсыласын упайлар есабында жеңди.

 

Қуўанышлысы, Беларусьқа барған Өзбекстан сайланды командасы тренерлери қатарында жерлесимиз Ш.Айтбаев та болып, боксшы М.Дәнияровты жарысқа өзи таярлады.

 

Төменде сиз жерлесимиз Мәдияр Дәнияровтың Беларусь Республикасы чемпионы Денис Беницевичке қарсы өткерген жекпе-жегин тамашалаўыңыз мүмкин.

 

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.