Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында жол-транспорт системасын  жақсылаў ҳәм жаңа жоллар қурыўға байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Пайтахтымызда транспорт қуралларының саны артып бармақта. Айырым көшелердеги жөнелислер, жол ҳәрекети белгилери қатнаўға қолайсызлық туўдырмақта. Сол себепли ири көшелер ҳәм кесилиспелерде тығылыслар пайда болмақта.

Бул машқаланы сапластырыў, айдаўшы ҳәм жолаўшыларға қолайлылықларды  арттырыў мақсетинде инженерлик шешимлер ислеп шығылған. Атап айтқанда, Мырза Улуғбек районы аймағындағы Паркент көшеси ҳәм Киши айланба жолын Ғәрезсизлик проспекти менен байланыстыратуғын жаңа жөнелис  ашыў режелестирилген.

Презентацияда мәмлекетимиз басшысы Транспорт министрлиги, Ишки ислер министрлиги және Ташкент қаласының ҳәкимлигине тығылыслар жүзеге келип атырған оннан аслам көшеде қысқа мүддетлерде қосымша ҳәрекет жөнелислерин ашыў бойынша  тапсырма берди.

 

 

 

ӨзА