Қанлыкөл районындағы  «Наўрыз», «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны, «Қанлыкөл» посёлкалық пуқаралар жыйыны, «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында  Ипотека-банк, Халық банки, Агробанктиң районлық филиалларына тигиўшиликти раўажландырыў ҳәм өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде кредит қаржысы ушын ҳүжжетлерин тапсырған еди.

Усы жыл 18-февраль күни пуқаралар тәрепинен усынылған усы ҳүжжетлер тийкарында кредит қаржысы ажыратылып, район ҳәкимлиги, банклердиң районлық филиалларының қәнигелери тәрепинен 4 тигиў машинасы өз ийелерине жеткерип берилди.

 

 

 

– 2-сектор аймағында жайласқан «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынында тураман. «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында АК Агробанктиң районлық филиалына тигиўшиликти раўажландырыў ҳәм өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде кредит қаржысы ушын ҳүжжетлеримди тапсырған едим. Мине, бүгин қәнигелер маған тигиў машинасын әкелип берди, – дейди район турғыны И.Кеңесбаева.-Өнерли ҳаял-қызларымыз алдағы ўақытлары өзин ҳәм шаңарағын дәрамат пенен тәмийинлеп ғана қоймастан, «устаз-шәкирт» дәстүрин даўам еттирип, шәкиртлер таярлап, аймағымызда өнерли ҳаял-қызлардың санын арттырып, жәмийетимиздиң раўажланыўы ушын өзлериниң үлесин қосады, деген үмиттемен.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги