Республикамыздағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ҳәрекет етип турған исбилерменлик субъектлериниң жумысларындағы ушырасып атырған машқалалар, олардың жумысларына тосқынлық етиўши жағдайлар ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериндеги талаплардың орынланыўын комплексли үйрениў мақсетинде онлайн ушырасыў шөлкемлестирилди.

 

  

Ушырасыўға Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикалық бас басқармасы, Мәмлекетлик салық басқармасы, Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери, исбилерменлер қатнасты.

 

 

Илажда мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти қоллап-қуўатлаў арқалы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин кеңирек қамтып алыў мақсетинде қабыл етилген қарарлар ҳәм тийкарғы ўазыйпалар туўралы кең түрде түсиниклер берилди.

Атап өтилгениндей, республикамызда 2018-жылдан бүгинги күнге шекем мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимлери тийкарында 86 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң қурылысы ушын 155 млрд. сумнан аслам жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылған.

Өзбекстанда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик әмелияты ҳәм механизмлеринен пайдаланыў көбеймекте. Бул транспорт, қурылыс, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, ишимлик суўы тәмийнаты сыяқлы тараўларда да анық көринбекте.

 

 

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында тийисли тараў ўәкиллери  мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти қаржыландырыў, олар ушын ажыратылатуғын кредит түрлери ҳәм банк кредит сиясаты ҳаққында, мәмлекетимиз тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти буннан былай да раўажландырыў ушын усынылған салықлар және жаратылған жеңиллик ҳәм преференциялар, оны раўажландырыўға тосқынлық етип атырған себеплер, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, тараў бойынша исбилерменлерди қыйнап атырған машқалалар да тыңланды.

 

 

 

Ушырасыўда сөз етилген машқалаларды тийисли тараў ҳәм депутатлық топар ўәкиллери тәрепинен үйренип шығылыўы, орынланыўы қадағалаўға алыныўы келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.