Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги мәжилисинде халықты коронавирус инфекциясына қарсы ғалабалық шаншыў илажларын шөлкемлестириў ҳәм вакцинаны локализациялаў мәселелери додаланды.
Мәлим етилгениндей, Россияның Гамалея илимий-изертлеў орайы тәрепинен ислеп шығылған «Спутник V» вакцинасы үшинши басқыш клиникалық сынаўлардың нәтийжелери тийкарында Өзбекстанда сертификатластырылған ҳалда ғалабалық қолланыў процесине руқсат етилген.
Бүгинги күнде бул вакцинадан 1 миллион доза сатып алыў бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасына сапары ўақтында Инновациялық раўажланыў министрлиги (Өзбекстан) Илим ҳәм техника министрлиги (Қытай) арасында илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша төменги комитеттиң жумысы жолға қойылған еди.
Бул комитет тәрепинен коронавирусқа қарсы вакцина ислеп шығыўда бирге ислесиў орнатыў бойынша да әмелий илажлар көрилмекте.
Соның ишинде, Қытайдың «Zhifei Longcom Biopharmaceutical Co.,Ltd» компаниясы менен биргеликте жаратылған «ZF 2001» вакцинасының үшинши басқыш клиникалық сынаўлары Қытайдан тысқары бириншилерден болып Өзбекстанда табыслы өткерилмекте.
Бирге ислесиў шеңберинде Дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы тәрепинен белгиленген тәртипте усы вакцинаның барлық қәўипсизлик көрсеткишлери сынақтан өткерилди, оның унамлы нәтийжелери тийкарында және Этика комитетиниң вакцинаны клиникалық изертлеўлер өткериўдиң этикалық тийкарланғанлығы ҳаққындағы жуўмақлары тийкарында халық арасында үшинши басқыш клиникалық сынақларға бағдарланды.
Бүгинги күнге шекем клиникалық сынаў талабына муўапық «вакцина/плацебо» схемасы тийкарында 6 830 ықтыярлы шаншылған, олардың ҳеш биринде оғада унамсыз тәсирлер бақланбаған.
«Zhifei Longcom Biopharmaceutical Co.,Ltd» компаниясы коронавирусқа қарсы вакцинаны жаратыўда Өзбекстанның үлеси ҳәм ҳәрекетлерин инабатқа алып, мәмлекетимизди «ZF 2001» вакцинаны бирге жаратқан биргеликтеги автор мәмлекет сыпатында белгиледи. Бул жаңа вакцинаны «ZF-UZ-VAC 2001» атамасы менен биргеликте ислеп шығарыў ҳәм пайдаланыўға келисилгенлиги билдирилди.
Сондай-ақ, «Zhifei Longcom Biopharmaceutical Co.,Ltd» компаниясы тәрепинен усы вакцинаны Өзбекстанда локализациялаў мақсетинде мәмлекетимизде жумыс ислеп атырған бир қатар фармацевтика кәрханаларының жумысы үйренилди, лаборатория және техникалық ҳәм өндирислик қуўатлықларды инабатқа алып, «Jurabek Laboratories» ЖШЖ ҚК таңланды.
Мәжилисте бул вакцинаның мәмлекетте үшинши басқыш сынаўлары табыслы өткерилип атырғаны ҳәм Өзбекстанды бул вакцинаның жаратылыўы ҳәм ислеп шығарыўда авторлардың бири етип белгиленгенлигин инабатқа алып, «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасын айрықша жағдайларда пайдаланыўға руқсат бериў мәселеси додаланды.
Усы мақсетте коронавирус инфекциясына қарсы ғалабалық емлеў илажларын шөлкемлестириў бағдарында көрилип атырған илажлар, «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасынан 1 миллион доза сатып алыў ҳәм мәмлекетимиздиң халқын өз қәлеўи менен ғалабалық емлеў илажларына бағдарлаў мәселесин Олий Мажлис Нызамшылық палатасына қарап шығыўға киргизиў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның қарары қабыл етилди.
ӨзА