Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында Латвия Сейми менен бирге ислесиў бойынша Парламентлераралық дослық топарының биринши мәжилиси болып өтти.

Видеоконференция түринде шөлкемлестирилген илажда Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары және Латвия парламенти ағзалары, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.

 

 

Ушырасыў даўамында өз-ара бирге ислесиў нәтийжесинде ерисилген жетискенликлер тән алынып, тәреплердиң халықаралық шөлкемлер шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаў, саўда-экономикалық, сиясий, ҳуқықый ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Ҳәммемизге белгили, халықаралық байланысларды күшейтиў, конструктивлик сыртқы сиясат жүргизиўде парламаент дипломатиясы әҳмийетли орын ийелейди. Бул процессте сырт ел парламентлери менен дослық топарларының имканиятынан нәтийжели пайдаланыў айрықша әҳмийетке ийе.

Усы мәниде бирге ислесиў шеңберинде парламентлераралық байланысларды және де кеңейтиў, өз гезегинде, барлық тараўларда қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығатуғын халықаралық шәртнамалардың ўақтында ратификацияланыўына хызмет етеди.

Сөйлесиў ўақтында ҳәр еки мәмлекет парламентиниң ўәкиллери коронавирустың дүнья бойлап тарқалыў көлемине де тоқтап, усы глобал қәўипке қарсы гүресиў бағдарында Өзбекстан ҳәм Латвияда көрилип атырған илажлар ҳаққында пикир алысты. Сол көзқарастан пандемия келтирип шығарған глобал социаллық-экономикалық кризисти сапластырыў ушын өз-ара тығыз муўапықласыў ҳәм избе-из бирге ислесиўге зәрүрлик барлығына итибар қаратылды.

Тәреплер келешекте де халықаралық шөлкемлер шеңберинде еллеримиздиң басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша исенимли екенлигин билдирди.

Онлайн сөйлесиў соңында Өзбекстан ҳәм Латвия арасындағы әмелий бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўде парламентлердиң ролин күшейтиўге келисип алынды.

Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы