Ташкентте 25-январь күни «Парламенттиң жумысын илимий ҳәм мәлимлеме-таллаў жағынан тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелери» темасында халықаралық конференция болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери, депутатлар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Конституциялық суд, Жоқарғы суд, Бас прокуратурасы, Әдиллик министрлиги және басқа да уйымлар ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң дипломатиялық корпусы ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен 2017-жыл  29-декабрьде Олий Мажлис жанында Нызамшылық машқалалары ҳәм парламент изертлеўлери институты шөлкемлестирилген еди. Структураның ўазыйпасы парламент палаталарын, сенатор ҳәм депутатларды илимий, мәлимлеме-таллаў мағлыўматлары менен тәмийинлеў, олардың жумысында нәтийжелиликти арттырыў, парламенттиң нызамшылық жумысының сапасын жақсылаўдан ибарат.

Усы институттың басламасы менен Конрад Аденауэр атындағы фондтың Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкилханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген бул ретки әнжуманнан гөзленген мақсет сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси менен жақыннан танысыў, мәмлекетимизде ҳәзирги бағдардағы жумыстың илимий ҳәм ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириўге қаратылған усыныслар ислеп шығыўдан ибарат.

Бундай институтлар дүнья парламенти тәжирийбесинде жаңалық емес. Демек, Өзбекстан ушын бул бағдарда көп жыллардан берли усындай структуралар жумыс ислеп киятырған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў әҳмийетли. Атап айтқанда, конференция қатнасыўшылары Түркия Уллы Миллет Мәжилиси Изертлеў басқармасы, Қубла Ирландия Ассамблеясы Изертлеў ҳәм мәлимлеме хызмети, Германия Бундестаги Илимий хызмети сыяқлы мәкемелердиң тәжирийбеси менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.

– Жаңа Өзбекстанға сай түрде Жаңа парламент қәлиплесип атыр, Парламент ағзалары ўазыйпаларын сапалы ҳәм нәтийжели орынлаўында мәселеге илимий қатнас жасаў үлкен әҳмийетке ийе, – деди Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов. – Мәмлекетимизде парламенттиң жумысын жетилистириў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Бул процессте Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институтының орны айрықша. Улыўма алғанда, бул институт Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, депутат ҳәм сенаторлардың шын мәнисиндеги жәрдемшисине айланып атыр.

Институт директоры Фозилжон Отахонов өзиниң баянатында парламентти илимий, мәлимлеме ҳәм таллаў жағынан тәмийинлеў түсиниги, ҳәзирги процесстиң өзине сәйкеслиги, жумыстың метод ҳәм усыллары, тийкарғы бағдарлары ҳәм перспективасына айрықша итибар қаратты.

Конференцияда Түркия  Уллы Миллет Мәжилиси Изертлеў басқармасының баслығы Эмраҳ Ҳурма, Қубла Ирландия Ассамблеясы Изертлеў ҳәм мәлимлеме хызметиниң бас илимий хызметкери Дан Хилл, Германия Бундестаги Илимий хызметиниң басшысы Гидо Хайнен өз мәмлекетлериниң парламентлери жумысында илимий ҳәм мәлимлеме-таллаў мағлыўматларынан пайдаланыўдың әҳмийетлилиги ҳаққында пикир билдирди. Атап айтқанда, илимий экспертиза түсинигиниң объекти ҳәм субъекти, түрлери, усы экспертизаны өткериў тәртиби, илимий ҳәм илимий-техникалық экспертиза арасындағы өзгешелик ҳәм улыўмалық, бул бағдардағы өзине тән мәселелерди ашып бериўге ҳәрекет етти.

Илажда мәмлекетимиз парламентиниң жумысын илимий ҳәм мәлимлеме-таллаў жағынан тәмийинлеўдиң бүгинги жағдайы, нызам дөретиўшилиги тараўындағы бар машқалалар, бул мәселелердиң шешими, бул бағдарда сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси бойынша пикир-усыныслар додаланды, тийисли усыныслар ислеп шығылды.

– Ҳақыйқатында да, ҳәзир парламентимиздиң алдына оғада үлкен ўазыйпа қойылған. Ҳәзирги ўақытта нызам жойбарларын емес, ал әмелдеги нызамларды да эксперт көзқарасынан баҳалаў менен бирге, әсиресе, нормативлик ҳүжжетлердиң социаллық тараўға, мәмлекетимиздиң турмысына тәсири де үйренилмекте, – дейди Олий Мажлистиң Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық қатнасықлар комитетиниң баслығы Дилором Файзиева. – Нызам дөретиўшилигинде сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў, миллий нызамшылығымыз халықаралық ҳуқық ҳәм талапларға сәйкес келиўин тәмийинлеўге әҳмийетли итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң парламентке жоллаған Мүрәжатында депутатларымыздың алдына әҳмийетли ўазыйпалар қойылғанлығын атап өтиў зәрүр. Әсиресе, халықаралық жәмийетшилик пенен интеграцияласыў мәселеси, басқа мәмлекетлердиң парламентлери, абырайлы халықаралық шөлкемлери менен бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. Бул бағдарда, әлбетте, Нызамшылық машқалалар ҳәм парламентлик изертлеўлер институтының жумысы үлкен әҳмийетке ийе.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабашысы