Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева өзиниң республикамызға сапарының екинши күнинде Мойнақ районында болды.

 Дәслеп районда өткен жылы пайдаланыўға тапсырылған «Ақ кеме» балалар дем алыў орайында болып, бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Балалардың жазғы дем алысын кеўилли өткериўи ушын Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси тәрепинен қурылған бул орай барлық шараятларға ийе. Хожелидеги «Меҳрийбанлық үйи»ниң тәрбияланыўшылары, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл районларындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, И.Юсупов атындағы  қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң қәбилетли оқыўшылары орайдың дәслепки дем алыўшылары болды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Арал теңизиниң  суўы қурыған ултанындағы аймақларда «жасыл қапламалар»-қорғаныў тоғайзарларын пайда етиў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша районда айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Президентимиздиң басламасы менен теңиз түбинен дуз ҳәм шаң-тозаңның көтерилиўиниң алдын алыў, глобал климат өзгерислериниң, экологиялық дағдарыстың халықтың жасаў шараятына унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетинде бүгинги күнге 1 миллион 167 мың гектар майданға сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы дақыллар егилди. Қәнигелердиң атап өткениндей, быйылғы жылы 450  мың гектар майданға усындай дақыллар егиў режелестирилген.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов егис жумысларына қатнасып атырған жумысшы-механизаторлар арасында болып, оларға жаратылған шараятлар менен танысты. Бул жерде «Аралға жәрдем» акциясы шеңберинде елимиздиң барлық аймақларынан келип, ийгиликли иске өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып атырған азаматларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Өзбекстан Экологиялық партиясы Хорезм ўәлаяты Кеңеси тәрепинен азық-аўқат өнимлери, естелик саўғалары, сондай-ақ, сексеўил туқымлары, нәллер тапсырылды. Жумысшылар менен механизаторларға республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Нөкис қаласында «Жаслар модасы, дәстүрлер ҳәм заманагөй бағдарлар» темасындағы дөгерек сәўбети ҳәм семинар менен басланған «Nafosat-2021» фестивалы  Мойнақ районында даўам етти. Халқымыз, әсиресе, жаслар арасында кийиниў мәдениятын үгит-нәсиятлаўға бағдарланған илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Олий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Нарбаева шығып сөйлеп, жыйналғанларды мода ҳәм гөззаллық байрамы менен қутлықлады.

Фестиваль шеңберинде Мойнақ районы жас дизайнерлери ҳәм сүўретшилери арасында миллий ҳәм заманагөй эскизлер сызыў бойынша таңлаў өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларының жетекши брендлери менен дизайнерлери тәрепинен модалар көргизбеси болды. Сондай-ақ, Ташкент қаласы ҳәм Әндижан ўәлаятынан келген қәнигелер өз дөретпелери менен қатнасты. Бул жерде көрсетилген «Әййемги Туран әпсанасы», «Сәўкеле», «Тумар», «Нил гранит», «Бухара ертеклери», «Мафтункор Шығыс ҳаялы», «Javhariy» сыяқлы дөретпелер көпшиликте айрықша тәсир қалдырды. Илажда өзлериниң дөретиўшилик жумыслары менен белсендилик көрсетип киятырған бир топар дизайнерлерге саўғалар тапсырылды.

Буннан кейин Т.Нарбаева «Мўйноқ порлоқ текс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳәм бул жерде ислеўши ҳаял-қызларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Кәрханада 150 ҳаял-қыз  турақлы жумыс орны менен тәмийинленген.  Быйылғы жылы 12 миллиард сумлық өним ислеп шығарыў, соның ишинде, 1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы өнимди Россия Федерациясының Новосибирск ҳәм Владивосток қалаларына экспорт етиў нәзерде тутылған.

Усы жердиң өзинде «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген кем тәмийинленген 10 шаңарақ ағзаcына саўғалар тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов өткен шемби күни Беруний ҳәм Төрткүл районларында болып, кем тәмийинленген, майыплығы болған ҳаял-қызларды социаллық қорғаў, оларды жумыс орынлары ҳәм турақ жай менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар менен танысты.  Беруний районы «Алтынсай» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен сәўбетлесип, Төрткүл районындағы «Дinur-jobs» кәсип-өнерге оқытыў орайының ашылыў салтанатына қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери