Социаллық тармақларда Беруний районында базарда исбилерменлик пенен шуғылланыўшы ҳаяллардың бир неше ер адамлар тәрепинен сабап кетилгени сәўлеленген видеокөринислер тарқалды.

 

Мәлим болыўынша, Беруний районы «Бунёдкор» МПЖ Абай көшесинде (Беруний районындағы ҳәптелик базардың артқы тәрепи) жасаўшы пуқара М.В. ҳәм оның жайының алдына нызамға қайшы түрде дүкан қурып исбилерменлик жумыслары менен шуғылланып атырған пуқара С.Д. арасында 2020-жылдың 16-17-декабрь күнлери өз ара жәнжел жүзеге келген.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, ўақыя ақыбетинде пуқара М.В.ға дене жарақаты жеткерилген.

 

Хабарда жазылыўынша, бул ўақыя бойынша Беруний районлық Ишки ислер бөлими тәрепинен 2020-жылдың 30-декабрь күни жынаят иси ашылып, даслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Социаллық тармақларда тарқалған видеолар бойынша қосымша мағлыўмат берилетуғыны қосымша етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.