Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 29 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен бүгин, 14-январь күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери гүлшеңберлер қойды.

Илаж соңында Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметине қараслы шегара әскерлериниң, соның менен бирге, оқыў орынлары жасларының әскерий сап тартып жүриў салтанаты болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 29 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен республикамыз бойлап байрам илажлары даўам етпекте.

 

Ислам Матековтың түсирген фотолары,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.