Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанында математика пәнине қәнигелестирилген мектеп шөлкемлестирилди.

 

Қәбилетли жасларды сайлап алыў системасын раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, өсип киятырған жас әўладтың илимге болған умтылысларын хошаметлеў, интеллектуал ҳәм дөретиўшилик потенциалын арттырыў бағдарындағы реформаларды системалы түрде әмелге асырыў мақсетинде 2020-жылдың 3-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қәбилетли жасларды сайлап алыў системасы ҳәм академиялық лицейлердиң жумысларын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

 

Қарарға муўапық, 2020-2021-оқыў жылынан баслап Әмиўдәрья академиялық лицейи негизинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы математика пәнине қәнигелестирилген мектеп шөлкемлестирилди.

 

Математика пәнине қәнигелестирилген мектепке быйылғы оқыў жылында математика, физика ҳәм инглис тили пәнлери бойынша улыўма билим бериў мектеплериниң 7-, 8- ҳәм 9-класс оқыўшылары қабылланады. Оқыўшылар жатақхана ҳәм түслик аўқат пенен тәмийинленеди.

 

Ҳәзирги ўақытта қәнигелестирилген мектепке оқыўшыларды қабыллаў даўам етип атырған болып, қосымша мағлыўматларды томендеги көрсетилген телефон номерлеринен алсаңыз болады.

 

Телефонлар: +99861 515-40-82, +99861 515-40-19.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.