Социаллық тармақларда Миллий гвардия системасында хызмет алып барып атырған барлық әскерий хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақыларын көбейтиў бойынша қарар қабыл етилгени ҳаққында мағлыўматлар тарқалмақта.

 

Миллий гвардия мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул хабарлар ҳеш қандай тийкарға ийе емес, жалған хабарлар болып есапланады.

 

Қосымша етилиўинше, Миллий гвардия системасына байланыслы барлық мағлыўматлар рәсмий дәреклерде, соның ишинде, Миллий гвардияның рәсмий веб-сайты (Milliygvardiya.uz) ҳәм оның Телеграмдағы рәсмий каналында жәрияланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.