Усы жыл 19-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы болып өтти.

 Сессия қатнасыўшылары дәслеп Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында шөлкемлестирилген исбилерменлер, фермерлер ҳәм өнерментлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси менен танысты.

Cессияның жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директоры А.Ходжаев, Олий Мажлис Сенатының, ҳүкимет ағзалары, секторлардың, тараўлардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлар қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары  А.Давлетов алып барды.

Ең дәслеп, депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап  өтилгениндей, Президентимиздиң усы жыл 2-октябрь күни республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың абадан турмысы менен байланыслы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Соның менен бирге аймақларды комплексли раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да тараўлар бойынша анық ўазыйпалар белгиленди. Елимиз басшысының усы жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда  Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында үш жыллық бағдарлама ислеп шығылды ҳәм бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Өткен 10 күн даўамында халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң сессиялары өткерилип, ҳәкимлердиң халыққа мүрәжатлары тыңланды ҳәм бул бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди. Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе 2020-жылда Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары ҳәм келеси жылға белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар бойынша Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариевтиң халқымызға мүрәжаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң «Мәмлекетимиз пандемия шараятында буннан былай да қүдиретлирек  болыўы және бул сынақлардан кем шығын менен өтип алыўы ушын бизден бүгин темир тәртип, жуўапкершилик, сабыр ҳәм жоқары ой-пикир талап етиледи»,-деген шақырығы, анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды өзинде жәмлеген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында халқымыздың жасаў шараятларын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў, экономика тармақларының жоқары өсим пәтлерин тәмийинлеў, халықтың дәраматын арттырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, мәденият ҳәм басқа тараўларда кең көлемли  жумыслар алып барылды. Әсиресе, Президентимиздиң усы жылдың 24-январь күни Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында кәмбағаллықты азайтыўға тоқталып, бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Усыннан келип шыққан ҳалда, өткен дәўирде пандемия шараятында экономика тармақларын, соның ишинде исбилерменлик субъектлериниң үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, бюджетке түсимлер муғдарын көбейтиў ҳәм усы арқалы жәрдемге мүтәж халық қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, пандемия дәўиринде Қарақалпақстан Республикасындағы 1968 кәрхана өз жумысын ўақтынша тоқтатқан еди.

Елимиз басшысы тәрепинен берилген тапсырмалардан келип шығып, сектор басшылары ҳәм басқа тийисли шөлкемлер менен биргеликте кәрханалар кесиминде  жумыс алып барылды ҳәм бүгинги күни барлық кәрханалардың жумысы қайта тикленди.  Усының нәтийжесинде, быйылғы жылдың жуўмағы менен санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 14,0 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 104 процентке, тутыныў товарлары 105,2, аўыл хожалығы 104,1, хызметлер көлеми 104,4 процентке өсими күтилмекте.

Быйылғы жылы Президентимиздиң басламасы менен киши бизнес ҳәм исбилерменлик тараўы ўәкиллерине бир қатар қолайлық ҳәм имканиятлар жаратылып берилди. Атап айтқанда, бүгинги күнге шекем халықты исбилерменликке тартыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен 10991 физикалық ҳәм юридикалық тәрепке 385,6 миллиард сум муғдарында жеңилликли кредит ажыратылды. Соның ишинде, «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасы тийкарында 9901 физикалық ҳәм юридикалық тәрепке 318,4 миллиарл сум, «Фермер, дийқан хожалықларын қоллап-қуўатлаў қоры» есабынан 62 жойбарға 3,7 миллиард сум, өнертментшилик тараўындағы 692 жойбарға 21,9 миллиард сум, ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры есабынан 207 жойбарға 4,8 миллиард сум, «Yoshlar – kelajagimiz» бағдарламасы тийкарында 117 жойбарға 36 миллиарлд сум жеңилликли банк кредити берилди. Сондай-ақ, 3519 исбилерменниң 712 миллиард сумлық кредити пролонгацияланды, ямаса төлеў мүддети узайтырылды. Нәтийжеде жыл жуўмағына шекем 4409 жаңа киши бизнес субъекти шөлкемлестирилип, өткен жылға салыстырғанда еки есеге артады.

Усы жылдың январь-октябрь айларында импорт көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 37,0  процентке, яғный 141 миллион долларға азайған болса, аймақлық экспортёр кәрханалар тәрепинен усы жылдың январь-ноябрь айларында 91,4 миллион долларлық өним экспортқа шығарылып, өткен жылға салыстырғанда 152 проценттен асты. Бүгинги күни 141 экспортёр кәрхана дүньяның 30 дан аслам мәмлекетине өз өнимлерин экспортқа шығармақта.  Алдынлары экспортқа шығарылмаған микротальк, мийўе шербетлери, шийше ыдыслары, кир жуўыў порошоги сыяқлы өнимлер өзлестирилип, жыл басынан жаңа экспортёр кәрханалардың саны 28 ге көбейди.

Коронавирус пандемиясы ақыбетинде тек ғана кем тәмийинленген шаңарақлар емес, ал көплеген пуқараларымыз дәраматынан айырылып, жумыссыз қалды. Усы себепли бул машқаланы өзимизге тийкарғы ўазыйпа деп қарап, әсиресе, «темир дәптер»ге киргизилген жәрдемге мүтәж халықтың, ҳаял-қызлардың, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылды. Быйылғы жылдың өткен 11 айы даўамында 94 мың 376 пуқараға халықтың бәнтлигин тәмийинлеў орайы тәрепинен  хызмет көрсетилди.

Жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем ушын жергиликли бюджетлердиң дәрамат режесин арттырып орынлаған бөлеги есабынан 20 миллиард сум қаржы ажыратылды. Усы жылдың Инвестициялық бағдарламасы тийкарында 398 социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектинде 747 миллиард сумлық қурылыс, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылды.

Соңғы жыллары аўыл хожалығы тараўын реформалаў ҳәм базар механизмлерин енгизиў бойынша бир қатар жумыслар алып барылды. Жаңа технологиялар ҳәм инновацияларды енгизиў, өнимдарлықты арттырыў, халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде аймағымызда 13 ғәллешилик, 12 мийўе-овощ, 6 салыгершилик, 10 пахта-тоқымашылық кластери шөлкемлестирилди.

Депутатлар мүрәжат бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары, «Қарақалпақстан Республикасының айрым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары және нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд арқалы қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслар бойынша судлар баслықларының есабаты ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды. Депутатлар бул мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етти.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен усынылған Парахат Айтниязов Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығы болып сайланды ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

«Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 3-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетине сайланғанлар ант бериўи белгиленген. Усыған муўапық Конституциялық бақлаў комитети баслығы Парахат Айтниязов ант берди.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айрым комитетлери ҳәм комиссиялары қурамына өзгерис және қосымшалар киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.  Дәслеп Жоқарғы Кеңестиң Регламент ҳәм депутатлық этика комиссиясының баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылып, комиссия баслығы болып 59-санлы «Тазғара» сайлаў округинен депутат Кеңесбай Каримов сайланды ҳәм депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетине ағзалыққа сайлаў және Регламент ҳәм депутатлық этика комиссиясы қурамынан шығарыў ҳаққындағы мәселе бойынша қарар қабыл етилди.

Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққындағы қарарды қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

   *   *   *

Усы күни сессия шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде баспасөз әнжуманы болып өтти. Онда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлар республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы алда турған ўазыйпалар және оларды әмелге асырыў бойынша режелер туўралы сектор басшыларынан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги