Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-декабрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң видеоәнжуман түриндеги мәжилиси болып өтеди.

Саммиттиң күн тәртибинен ҒМДА шеңбериндеги сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында, сондай-ақ, жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў тараўында көп қырлы қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективаларын баҳалаў мәселелери орын алған.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеўинде Дослық Аўқамының узақ мүддетли ўазыйпалары бойынша Өзбекстан Республикасының көз-қарасларын усыныў ҳәм әмелий шерикликти кеңейтиўге байланыслы анық усынысларды алға қойыўы күтилмекте.

Мәжилисте делегациялардың басшылары ҒМДАны 2030-жылға шекемги мүддетте және де раўажландырыў концепциясының жойбарын ҳәм оны әмелге асырыў режесин көрип шығады. Бул ҳүжжетлерде бирге ислесиўдиң жақын ҳәм орта мүддетли келешектеги стратегиялық мақсетлери ҳәм тийкарғы илажлары белгиленген.

Ушырасыў жуўмағында Бирлескен Миллетлер Шөлкемине тийкар салынғанының 75 жыллығы мүнәсибети менен және халықаралық мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы билдириўлер, сондай-ақ, Дослық Аўқамы жумысының ҳәр қыйлы тәреплерине байланыслы, соның ишинде, 2021-жылы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў орны ҳаққындағы қарарлары қабыл етилиўи режелестирилген.

Усы жылы Өзбекстан ҒМДАға басшылық етиўдей жуўапкершиликли ўазыйпаны биринши мәрте өз жуўапкершилигине алғанын атап өтиў орынлы.

Пандемия менен байланыслы қыйын шараятларға қарамастан, елимиздиң Дослық Аўқамына басшылығы концепциясы толық көлемде әмелге асырылды.

Ҳүкимет басшылары кеңеси, Экономикалық кеңес, Сыртқы ислер министрлери кеңеси, ҒМДАның басқа устав ҳәм тармақ уйымларының мәжилислери табыслы өткерилди.

Бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер, соның ишинде, 2030-жылға шекемги мүддетке мөлшерленген Экономикалық раўажланыў стратегиясы, Транспорт тараўындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, туризм, спорт ҳәм жасларға байланыслы сиясат тараўларында бирге ислесиў стратегиялары ҳәм басқалар қабыл етилди.

Улыўма, 60 қа шамалас көп тәреплеме илаж өткерилип, Дослық Аўқамын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге хызмет ететуғын 70 ден аслам ҳүжжет қабыл етилди.

 

ӨзА