Бүгин социаллық тармақларда Нөкис қаласы М.Жуманазаров көшесинде пуқаралар тəрепинен билдирилген наразылық сəўлеленген мағлыўмат жәрияланған еди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул мәселениң унамлы шешимин табыў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәкимлигинде қала ҳәкими ў.а. У.Панаев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри У.Сабуров ҳәм тийисли тараў басшыларыниң қатнасында арыз етген пуқаралар менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыў даўамында бир қанша жумыссыз пуқаралар пандемия дәўиринде Нөкис қалалық бәнтликке көмеклесыў орайынан дизимге алынып, шәртнама тийкарында мәўсимлик жумысқа қабыл етилгенлиги ҳәм сол ислеген дәўири (ноябрь айы) ушын мийнет ҳақы берилиўде үзилислер болғанлығы ҳаққында наразылығын билдирди.
Бул мәселе тийисли тәртипте көрип шығылып, банк хызметкерлери тәрепинен мәўсимлик жумысқа тартылған ҳәр бир пуқараның дизими қәлиплестирилди. Усы тийкарда мийнет ҳақысы үзилиске түскен пуқаралардың пластик карталарына тез арада өткерип берилетуғынлығы бойынша шешим қабылланды.

 

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, пуқаралар Нөкис қаласындағы жəми 61 мәкан пуқаралар жыйынынан жәмийетлик жумысқа қамтып алынған. Ноябрь айы ушын 300 пуқараға 226 млн. сум мийнет ҳақылары төлеп берилди. Сондай-ақ, қалған пуқаралардың мийнет ҳақылары избе-изликте төлеп берилмекте.