Қоңырат районында жасаўшы пуқара «А» пул табыўдың жеңил, нызамға қайшы жолын таңлап, өзгелердиң исенимине кирип, бир неше адамлардың қарамалларын «бағып беремен» деп алып, бағыўға тапсырылған қарамалларды сатып, өз мǝпине өзлестирген. Бул ҳаққында ҚР Прокуратурасы хабар берди.

 

Тергеў дǝўиринде, пуқара «А»ның усындай жол менен 2017-2020-жылларда жǝми 10 пуқарадан 129,8 млн. сумлық 31 бас қарамалларын ҳǝм бир бас жылқысын бағып бериў бǝнеси менен алдап алып, сатыў арқалы өзлестиргенлиги мǝлим болды.

 

Суд ҳүкимине муўапық, «А» исмли пуқараның жоқарыдағы жынайый ҳǝрекетлери толық өз тастыйғын тапты ҳǝм ол Өзбекстан Республикасы ЖКның 168-статьясы 3-бөлиминиң «б» бәнти менен айыплы деп табылып, оған 5 жыл муддетке еркинен айырыў жазасы және қапланбаған зыянларды тийисли тǝртипте өндириў белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.