Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-декабрь күни қыс мәўсимине таярлықта жол қойылған кемшиликлерди шешиў және азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Быйыл гүзде кескин суўық түсип, ҳаўа-райы алдынғы жылларға салыстырғанда ерте төменледи. Электр энергиясы, тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ, ыссылық тәмийнатында тез-тезден үзилислер болды. Бул жағдай тармақлар ҳәм аймақлардың қыс мәўсимине таяр емеслигин анық көрсетип берди. Жақында бензин баҳасы да асты. Булар халықтың ҳақылы наразылықларына себеп болмақта.

-Маған бәлентпәрўаз гәплер ҳәм санлар керек емес. Орынлардағы басшылардың жумыслары нәтийжесине социаллық тармақларда халқымыздың өзи әдил баҳа бермекте,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте тараўдағы кемшиликлерди сапластырыў, энергия ресурсларының тәмийнатын жақсылаў илажлары додаланды.

Қыс мәўсиминде тармақ ҳәм аймақларда үзликсизликти тәмийинлеў ушын суткасына 10-12 миллион киловатт-саат қосымша электр энергиясын ислеп шығарыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул қуўатлылықты «Ташкент», «Сырдәрья», «Жаңа Ангрен» электр станцияларындағы 900 мегаваттлы 5 энерго блокты иске қосыў есабынан тәмийинлеў бойынша тапсырма берилди.

Үзилислерге, тийкарынан, бөлистириўши тармақлардан 60 процентиниң ескиргени және электр энергиясына талаптың артып баратырғаны себеп болмақта. Сонлықтан төмен ҳәм орта күшлениўдеги тармақларды басқышпа-басқыш модернизациялаў бойынша бағдарлама ислеп шығып, орынланыўына тезирек кирисиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Анализлер соны көрсетпекте, бүгинги күнде газ тәмийнатында суткасына 20 миллион куб метр жетиспеўшилик бар. Ақыбетте мыңнан аслам мәҳәлледе тәбийғый газдың басымы төменлеген.

– Газ системасы менен байланыслы машқалалар бүгин пайда болмаған, ал отыз жылдан берли бизди қыйнап киятырғанынан барлығымыздың хабарымыз бар. Бирақ буны бәнелеўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Халқымызға газ керек, олардың көпшилиги буның ушын төлемлерди өз ўақтында ҳадаллық пенен төлеп келмекте, – деди Президент.

Мәмлекет басшысы газ экспортын қысқартып, бәринен бурын халықтың талапларын тәмийинлеў бойынша көрсетпе берди. Буның есабынан күнине 7-8 миллион куб метр тәбийғый газ қосымша түрде аймақларға қаратылады. Сондай-ақ, халықтың талабын қаплаў ушын және 217 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды.

Нәтийжесиз ислеп атырған 25 кәнди инвесторларға «риск-сервис контракт» шәртлери тийкарында берип, тәбийғый газ ислеп шығарыўды көбейтиў мүмкин екенлиги айтылды.

Орынларда тәбийғый газ ҳәм көмир тәмийнатында нызамсыз ҳәрекетлерге жол қойылып атырғаны менен байланыслы наразылықлар бар екенлиги атап өтилди.

Мысал ушын, халық ҳәм социаллық объектлер ушын ажыратылған жергиликли көмирдиң 60 мың тоннасы еле ийелерине жеткерип берилмеген. Муборакта гербиш ислеп шығарыў заводы жер астынан өткен газ қубырына нызамсыз жалғанып, 4,3 миллион  куб метр газды талан-тараж еткен. Бул 8 мың шаңарақтың бир айлық газ тәмийнаты болып есапланады.

Сондай-ақ, усы жылы 74 райондағы ири газ тармақларына заманагөй өлшегишлердиң орнатылғаны нәтийжесинде 2 мыңнан аслам көтере тутыныўшылар тәрепинен 7 миллион куб метр тәбийғый газдиң нызамсыз өзлестирилгени анықланған.

Усылардан келип шығып, энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў усынысы билдирилди.

– Быйыл қысты қалай өткеремиз? Бүгин ҳәмме басшылар усы сораўға жуўап бериўи керек. Ҳақыйқатында да, машқалалар жүдә көп. Оларды тек ғана мәҳәлле кесиминде терең үйрениў ҳәм шешиў ғана нәтийже береди, – деп атап өтти Президентимиз.

Ыссылық тәмийнатындағы 153 қазанхананы ҳәм 2 мың 802 километр тармақларды оңлаў илажлары белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы ийис гази ҳәм ушқынлаўларға байланыслы унамсыз жағдайларға тоқтап өтти. Айрықша жағдайлар министрлигиниң Өртке қарсы гүресиў басқармасының жумысын сын көзқарастан көрип шығып, түп-тийкарынан реформалаў, өртке қарсы профилактика жумысларын күшейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Бас министрдиң орынбасарына имканиятларды толық жумсап, халық ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў, қыс мәўсимин апатшылықсыз өткериў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Мәжилисте және бир әҳмийетли мәселе – халықты азық аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ўазыйпалары ҳәр тәреплеме додаланды.

Баҳаның артыўы кескин сынға алынды. Оның алдын алыў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.

Тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң баҳасы аймақлар кесиминде талланды. Өткен айларда баҳа салыстырмалы өскен ўәлаят ҳәм районлар көрсетип өтилди.

Жуўапкер уйымларға ҳәр бир аймақта штаблар шөлкемлестирилип, базарлардағы баҳа спекуляциясы жағдайларының қатаң алдын алыў ўазыйпасы қойылды. Ишки ҳәм сыртқы базаларда тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң айланысын, баҳаны, талапларды күнделикли анализлейтуғын уйымлараралық жумысшы топарлар дүзилетуғыны белгиленди.

Жаңа жыл байрамы алдында талаптың артыўын есапқа алып, саўда орынларын өнимлер менен толтырыў, дийқан базарлары ҳәм ири саўда объектлеринде ярмаркалар шөлкемлестирип, оларға товарларды арзанлатылған баҳада  жеткерип бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Дүньяда азық-аўқат өнимлериниң баҳасы кескин өзгериўи прогноз етилмекте. Соның ушын ишки базарға тийкарғы түрдеги товарларды кепилликли жеткерип бериў ушын арнаўлы қор шөлкемлестирилип, 50 миллион доллар ажыратылған.

Усы қаржылардың есабынан биринши гезекте өсимлик майы ҳәм басқа да зәрүр өнимлерди сатып алып, кеминде 3 айлық резерв жаратыў бойынша көрсетпе берилди. Мине усындай жумыслар ҳәкимликлер қасында шөлкемлестирилген қорлар арқалы да әмелге асырылып, ҳәр бир аймақ өз резервин қәлиплестириўи керек екенлиги атап өтилди.

Бас министрге азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша барлық жумысларды муўапықластырыў, ишки базарларды таллап, оларға зәрүр азық-аўқат өнимлерин интервенциялаў, бул бағдарда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы қойылды.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша тармақ басшылары ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң есабы тыңланды.

 

ӨзА