Бүгинги күнде Тақыятас районындағы «Қусшылық» МПЖда 516 шаңарақта 1 мың 900 ден аслам пуқара жасамақта.

Аймақ турғынлары электр энергиясының тез-тезден үзилиске түсип өшип қала беретуғынлығы, ТП-3 трансформаторының тозыўы жетип, авариялық жағдайда екенлиги, ески трансформатордың орнына жаңа трансформатор қурып бериўде усы аймақтың сектор басшыларына ҳәм депутатларға мүрәжат етти.

Мүрәжат бойынша Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты Б.Шапиев ҳәм 3-сектор баслығы машқаланы үйренип шығып, тозыўы жеткен трансформатордың орнына жаңа трансформатор қурып бериўде  жәрдем көрсетти.

Сондай-ақ, қыстың қыраўлы күнлеринде жас өспирим балалардың мектепке қатнайтуғын жоллары да  жарамсыз аўҳалға келип қалғанлығы себепли аймақтағы Мичурин, Атаниязов ҳәм Қусшылық көшелерине бақаншақлы сары қум төгип берип, жоллардың бираз жақсыланыўына жәрдем берди.

– Ҳәзиргидей қыстың суўық күнлерине қарамастан машқаламыз итибардан шетте қалмады,-дейди мәҳәлле ақсақалы Ережеп Кирманов. –     Сектор басшыларына ҳәм усы аймақ депутатына миннетдаршылығымыз шексиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги