Усы жыл 11-декабрь күни Тақыятас районында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезектеги XVII сессиясы өткерилди.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, райондағы төрт сектор басшылары, районлық Кеңестиң депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары,  ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияда район ҳәкими Илҳам Маткаримовтиң  2020-жылда районды социаллық – экономикалық раўажланыўдырыўдың жуўмақлары ҳәм келеси жылға белгиленген режелерге кеңнен тоқтап өтип, халыққа мүрәжат етти.

Онда Президентимиздиң  усы жыл  2-октябрьдеги республикамызға сапары даўамында белгилеп берген ўазыйпалар  және Президентимиздиң 11-ноябрьдеги «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары  ҳаққында»ғы қарарынының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районда әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Районда пандемия дәўириниң унамсыз ақыбетлерине қарамастан социаллық-экономикалық раўажланыўдың белгиленген прогноз көрсеткишлерине ерисиў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, усы жылдың өткен он айы даўамында санаат өнимлерин ислеп шығарыў 1 триллион 318,0  млрд. сумды қурап, өсиў көрсеткиши 142,8 процентти қурайды. Сондай-ақ, 2021-жылда 1 трлн. 737 млрд сумлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў режелестирилген. Аўыл хожалығы, қурылыс жумыслары, хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша да режелер дүзилген.

Соның менен бирге, барлық бағдарлар бойынша әмелге асырылып атырған инвестиция жойбарлары, әсиресе инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў (газ, электр энергиясы ҳәм ыссылық тәмийнатын жақсылаў) бойынша әмелге асырылған жойбарлар, тартылған инвестициялар, тиккелей тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми, жаратылған жумыс орынлары, пайдаланыўға тапсырылған жойбарлардың социаллық-экономикалық  көрсеткишлериниң, соның ишинде, бюджет дараматларының артыўына қосқан үлеси ҳәм нәтийжелери  кең түрде атап өтилди.

Сондай-ақ, социаллық тараў объектлери, усы тараўда алып барылып атырған жумыслар, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар» дәптери, «Жаслар дәптери», медицина тараўы, аўыл хожалығы тараўында алып барылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти.

Райондағы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 23  билимлендириў мәкемеси болып, соннан 22 си улыўма орта билим бериў мектеби болып есапланады. (Биреўи бәркамал әўлад балалар орайы). 2019-2020-оқыў жылында жәми 882  оқыўшы улыўма орта билим бериў мектебин тамамлаған  ҳәм  соннан  780и  жоқары ҳәм орта арнаўлы билим орынларына тапсырған.  Питкериўшилердиң 95 си  (10,8 проценти) жоқары оқыў орнына  (15 си мәмлекетлик грант тийкарында, 80 ни шәртнама тийкарында) оқыўға қабыл етилген. 92 си техникум ҳәм кәсип өнер колледжлерине оқыўға қабыл етилген.  20 жас жумыс пенен тәмийинленип, ҳәзирги күнде 675 жас ҳәзирде жумыссыз екенлиги қатаң сынға алынды.

Сессияда  Олий Мажлис Сенатының ағзасы У.Жалменов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтова  шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша пикир-усынысларын билдирип өтти.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлерин  қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Буннан соң районлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде районда ислеп шығылған өнимлер көргизбеси шөлкемлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги