Быйылғы жылы мектеплерде қысқы дем алыс баслаўыш класс оқыўшылары ушын 25-декабрьден, жоқары класс оқыўшылары ушын 26-декабрьден басланады. Бул ҳаққында ӨзР ХБМ мәлим етти.

 

Мағлыўмат ушын, өткен жылларда мектеп оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден басланатуғын еди. Быйыл 27-декабрь екшемби күнине туўра келгенлиги себепли дем алыс күнлерин белгилеўде өзгерис болған.

 

Сондай-ақ, министрлик социаллық тармақлар арқалы усыныс етилген үш дем алыстың орнына узайтылған қысқы дем алысты енгизиў ҳаққындағы усынысларды мақулламады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.