Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнтине, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 18-статьясына муўапық, Ибрагимов Рахмет Мамутович Нөкис қаласы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкимилиги Мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Мағлыўмат ушын, Р.Ибрагимов 2018-жылдан баслап усы күнге шекем  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» дирекциясы баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.