10-декабрь күни Өзбекстан Республикасының Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамындағы басшылығы шеңберинде структураға ағза мәмлекетлер Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилиси видеоконференция түринде болып өтти.

Өзбекстан Республикасының сыртқы ислер министри Абдулазиз Комиловтың басшылығында болып  өткен Армения, Беларусь, Молдова, Әзербайжан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан сыртқы ислер мәкемелериниң басшылары және ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәм халықаралық күн тәртиби бойынша пикир алысты, сондай-ақ, бир қатар шөлкемлестириў мәселелерин додалады.

А.Комилов Өзбекстан Республикасының ҒМДАдағы басшылығы шеңберинде ерисилген унамлы нәтийжелерге тоқтап, режелестирилген дерлик барлық илажлардың табыслы өткерилгенин, ағза мәмлекетлердиң бирге ислесиўи, структура жумысының көлемин және де кеңейтиў менен байланыслы жаңа бағдарларды белгилеп беретуғын ҳүжжетлерге қол қойылғанын атап өтти. Соның ишинде, ҒМДАны және де раўажландырыў концепциясының жаңаланғаны, Дослық Аўқамының 2030-жылға шекем Экономикалық раўажланыў стратегиясы, әскерий ҳәм шегара бирге ислесиўи, инновация, транспорт, мәденият, спорт, туризм және жаслар бойынша 9 программалық ҳүжжеттиң қабыл етилгени айрықша атап өтилди.

Мәжилис қатнасыўшыларының итибарына Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ қәўендерлигинде Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң еркин миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодексти ислеп шығыў басламасының әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул усыныс кризислерге биргеликте жуўап қайтарыў бойынша исенимли системаны енгизиў ушын концептуаллық ҳәм ҳуқықый тийкар жаратыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, дүньяда пандемия ҳәм басқа да улыўмалық қәўип-қәтерлер менен байланыслы процесс болып атырған бир дәўирде Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң социаллық-экономикалық раўажланыўында, мәмлекетлер арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли орын ийелемекте.

Мәжилис жуўмағында бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы тараўларында 12 қарар ҳәм ҳүжжет қабыл етилди. Атап айтқанда, ҒМДА шеңберинде 2021-жылы Сыртқы ислер министрликлери арасындағы көп басқышлы мәсләҳәтлесиў режеси тастыйықланды, Структураның Атқарыў комитетиндеги квоталы лаўазымлар келеси үш жыл ушын ағза мәмлекетлер арасында бөлистирилиўи келисип алынды.

ҒМДА Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2021-жылдың апрель айында Россия Федерациясында өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы