Бүгинги күнде республикамыз аймағында, 45,5  гектар  майданда  жәми  18 ыссыхана бар. (Тақыятас районында 6, Елликқала районында 3, Төрткүл районында 1, Шоманай районында 2, Беруний  районында 2, Хожели  районында 1  ҳәм  Нөкис  қаласында 3).

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өсимликлер карантини  бойынша   мәмлекетлик  хызметлердиң   жумысларын  және де  жетилистириў  илажлары  ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыздағы ҳәр бир экспортшы кәрханаға Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы тәрепинен агроном-инспекторлар  бириктирилип, олар өнимди атыздан экспортқа шекем, яғный, өсимликтиң вегетациялық ўақтынан баслап, өним писип жетилиўине шекем турақлы бақлап барады.

Ҳәзирги күнде олар тәрепинен ыссыханаларда ушырасатуғын вируслы кеселликлердиң тарқалыўының алдын алыў илажлары алып барылмақта.

Барлық агроном-инспекторлар тәрепинен ҳәр ҳәптеде бир мәрте ыссыханаларда «Помидордың   қоңыр  реңли  бүрисиў вирусы» кеселлиги   ҳәм ыссыханаларда помидор күйеси, цитрус ақ қанаты ҳәм цитрус инли күйеси зыянкеслериниң тарқалыўының алдын алыў бойынша турақлы түрде карантин илажлары алып барылмақта.

– Усы  жыл  25-ноябрьде  Ферғана  ўәлаятынан Россия  Федерациясына  экспорт  етилген  помидор  ҳәм  ашшы  бурыш  өнимлеринде  «Помидордың  қоңыр  реңли  бүрисиў  вирусы»  кеселлиги   анықланып, усы күннен баслап   Россия  ветеринария  ҳәм  фитосанитариялық  қадағалаў бойынша  федерал хызмети тәрепинен Ферғана  ўәлаятына усы өнимлердиң  экспортына  шеклеўлер орнатылған еди,-дейди инспекцияның Нөкис қаласы агроном инспекторы Р.Алланиязов.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы тәрепинен  республикамыздың барлық аймақларында  усы вируслы  кеселликтиң  тарқалыўының  алдын  алыў  илажлары  өткерилмекте.   Бул вируслы кеселлик  өсимлик  нәллери  ҳәм  туқымлары  арқалы тарқалыўы мүмкин. Сонлықтан, ыссыханаларға егиў ушын алып келинип атырған  өсимлик  нәллери, сондай-ақ, ыссыханаларда  жетистирилип атырған  помидор өнимлери карантин тексериўинен  өткерилмекте.

Усындай  карантин илажларының бири  Нөкис  қаласындағы  «Биоэкоагроинпекс» ЖШЖға қараслы  ыссыханада  өткерилди. Илаж  даўамында ыссыхананың фитосанитарлық жағдайы, помидор нәллери   карантин тексериўинен өткерилди ҳәм гүманланған помидор  жапырақларынан үлгилер алынып, лабораториялық анализ жуўмақлары  шығарылды.

Карантин илажы даўамында ыссыханада жетистирилип атырған өнимлерде ҳеш қандай зыянлы организмлер анықланбады.

“Tomato  brown  rugose fruit  virus”, яғный  помидордың  қоңыр  реңли  бүрисиў  вирусы  усы   күнге  шекем  Өзбекстан   Республикасы  аймағында  анықланбаған. Вируслы кеселлик бойынша шеклеў орнатылған, бирақ бул кеселлик Өзбекстанда еле анықланбаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги