Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-декабрь күни Ташкент металлургия заводының ашылыўына бағышланған салтанатлы илажлар шеңберинде Россия Федерациясы санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы пайтахт аймағында  әмелге асырылған металлургия өнимлерин ислеп шығарыў бойынша ири ҳәм заманагөй кәрхананы шөлкемлестириў жойбары Өзбекстан ҳәм Россия компаниялары ҳәм банклери арасындағы нәтийжели бирге ислесиўдиң үлгиси екенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бул заводтың пайда болыўы кейинги жыллары еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўде исенимли сапа өзгерислериниң бақланып атырғанынан да дәрек береди.

Денис Мантуров шын жүректен қабыллағаны ушын Өзбекстан басшысына миннетдаршылық билдирди және Россия Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда тийкарғы қоспа бағдарлама ҳәм жойбарлардың барысы көрип шығылды, әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы режелер додаланды.

Машина қурылысы, агросанаат, фармацевтика, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, көплеген басқа тармақларда жоқары технологиялық өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириўде еки елдиң жетекши кәрханалары арасындағы кооперация жойбарларын ислеп шығыў ҳәм алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Санаат кооперациясы жойбарларын, соның ишинде, шөлкемлестирилген қоспа Жойбарлаў офисиниң жумысы шеңберинде ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шерик болыў, сондай-ақ, экономиканың әҳмийетли тармақларына инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

 

ӨзА