Мәмлекетлик хызметлер агентлиги, оның орынлардағы басқармалары тәрепинен халыққа көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң сапасы жылдан-жылға жақсыланып, оперативлигин ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеўге, ең баслығы  пуқараларымыздың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қымбатлы ўақытларының үнемлениўине хызмет етпекте. Нәтийжеде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи тийис», деген принцип күнделикли турмысымызда өз көринисин таппақта.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы шөлкемлестирилген дәслепки жылы пуқараларымыз бенен исбилерменлик субъектлерине 33 түрдеги мәмлекетлик хызмет көрсетилген болса, бүгинги күнге келип республикамыздағы 17 қала ҳәм район аймағында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик хызметлер орайларында 140 тан аслам  мәмлекетлик хызмет көрсетилип келинбекте.

Атап айтқанда, шөлкемлестирилген 2017-жылда 7892, 2018-жылда 365866, өткен жылы болса, жәми 900 мыңнан артық мәмлекетлик хызмет көрсетилди. Бул көрсеткишлердиң өзи халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлариниң мәмлекетлик хызметлерге болған талабының артып барытырғанлығын көрсетеди.

Пүткил дүнья жүзин тәшўишке салып атырған пандемия шараятында халыққа турақлы түрде мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинди. Карантин қағыйдаларына қатаң бойсынылған ҳалда барлық хызмет түрлери ўақтында көрсетилиўине ерисилди. Соның нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен 11 айы даўамында 700 мыңға жақын мине усындай хызмет көрсетиўге ерисилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилгеннен бери  тек қала ҳәм район орайларында ғана емес, бәлким шетки аўыллардың халқына да қолайлық жаратыў мақсетинде көшпели қабыллаўлар көрсетиў системасы жолға қойылды. Тараў хызметкерлери усы аймақларда үйме-үй жүрип, машқалаларды орынларда үйренип, оларға көрсетилип атырған хызмет түрлери, олардың абзаллықлары туўралы толық мағлыўмат берип бармақта. Буның ушын арнаўлы үскенеленген автобус ҳәм «Дамас» автомашиналары ажыратылған болып, барлық шараят жаратылып берилди. Нәтийжеде усы жылдың басынан берли бүгинги күнге шекем 46 мыңға жақын көшпели хызмет көрсетилди.

Ҳақыйқатында да халықтың аўырын жеңил, узағын жақын етиў, адамларды ойландырып жүрген машқалаларға орнында шешим табыў бүгин елимиз бойлап Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған сиясаттың баслы бағдары болып табылады. Мәмлекетлик хызметлер агентлиги бул бағдарда кең көлемли илажларды әмелге асырып келмекте.

Район ҳәм қала орайларынан алыс болған пуқаралар жыйынларында жасаўшы халқымызға кең имканиятлар жаратыў мақсетинде Мойнақ районы орайынан 96 километр узақта жайласқан, жәми 4471 халыққа хызмет көрсететуғын «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйынында, Елликқала районы орайынан 35 километр узақта жайласқан, жәми 33897 халыққа хызмет көрсететуғын «Сарабий» аўыл пуқаралар жыйынында, Беруний районы орайынан 40 километр узақта жайласқан, жәми 38 мыңға жақын халыққа хызмет көрсететуғын Абай аўыл пуқаралар жыйынында ҳәм Төрткүл районы орайынан 65 километр узақта жайласқан, жәми  14 мыңға жақын халыққа хызмет көрсететуғын «Жамбасқала» аўыл пуқаралар жыйынында мине усындай филиаллар шөлкемлестирилди. Нәтийжеде бүгинги күнге филиаллар тәрепинен көрсетилген хызметлер саны 5 мыңнан асты.

Сондай-ақ, басқарма тәрепинен халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўи үстинен турақлы рәўиште мониторинг  алып барылмақта. Атап айтқанда, быйылғы жылдың өткен 11 айы даўамында мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 695 мың 152 мүрәжат қабыл етилген болып, көрип шығыў ушын ўәкилликли уйымларға жиберилди.

Усы мүрәжатларды көрип шығыўда ўәкилликли уйымлар тәрепинен 1605 жағдайда нызам бузылыўына жол қойылғанлығы анықланды. Соннан 1538и мүддеттиң бузылыўы, 7 артықша ҳүжжет талап етиў, биреўи тийкарсыз бас тартыў, 59 ы басқа жағдай болып есапланады.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ең көп нызам бузыў жағдайы бул суў тәмийнаты хызмети болып, оларда 622, газ тәмийнатында 338, жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр хызмети кәрханаларында 140 жағдай ушырасқан.

Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын көрип шығыўда анықланған нызамбузылыў жағдайларын, оларға имканият бериўши  себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў бойынша 10 усыныс киргизилди, 108 шахс ескертилди, 135 лаўазымлы шахс ҳәм жуўаплы хызметкерге Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң тийисли статьялары менен ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестирилди.

Президентимиздиң пәрманына муўапық 2020-жыл 1-апрельден баслап пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў уйымларының жумысын системалық қадағалаў, маман қәнигелер таңлаў, ҳуқықты қоллаў әмелиятын муўапықластырыў, ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви мәлимлеме системасын жүргизиў, олардың архивлерине басшылық бойынша функцияларды жүклеген ҳалда ПҲАЖ уйымлары Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги қарамағына өткерилди.

Соның менен бирге, Президентимиздиң усы жылдың 4-августтағы «Халыққа мәмлекетлик социаллық хызметлер ҳәм жәрдем усыныў тәртип-қағыйдаларын автоматластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкар, 2021-жылдың 1-январына шекем «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымларының бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасында архивлерде қағаз тасыўшыларда сақланып атырған ҳүжжетлердиң электрон базасын қәлиплестириў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Районлық (қалалық) ПҲАЖ архивлеринде жәми 3 миллион 550 мыңнан зыят акт жазыўы болып, усы күнге шекем «ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви»  базасына 3 миллион 520 мыңнан зыят (99,5 процент) акт жазыўы киргизилип, электрон формаға өткерилди. Бул жумысларды белгиленген мүддетинде тамамлаў ушын республикамыз бойынша 145 жас 4 ай мүддетке шәртнама тийкарында жумысқа алынды.

Соның менен бирге бүгинги күнге шекем Мойнақ, Шымбай, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Қоңырат, Беруний, Тахтакөпир ҳәм Бозатаў районларында мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылды. Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Төрткүл, Қараөзек ҳәм Шоманай районлары мәмлекетлик хызметлер орайларының жаңа имаратының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында тур.

Пайдаланыўға тапсырылған жаңа орайлардың имаратларында электрон нәўбет системасы енгизилген болып, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы соңғы жаңалықлар, мәмлекетлик хызметлер алыў тәртиби  туўралы роликлер монитор арқалы көрсетилип барылады. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң районлардағы Халық қабыллаўханалары, Бас министрдиң исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары, нотариус, Әдиллик ҳәм ПҲАЖ бөлимлери де усы имаратларда жайласқан. Буннан тысқары, күтиў заллары, балалар майданшалары, китапхана, арнаўлы кассалар, медицина бөлмеси ҳәм өз-өзине хызмет көрсетиў орны шөлкемлестирилген. Бул пуқаралардың қымбатлы ўақытларын ҳәм қәрежетлерин үнемлеўге, мүтәжликлериниң бир жерден питиўине хызмет етеди.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған бундай илажлар биринши гезекте халықтың турмыс шараятларының буннан былай да жақсыланыўына, олардың аўырын жеңил, узағын жақын етиўге, Президентимиздиң атап өткениндей, бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етеди.

 

К.АРТЫКОВ,

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан

Республикасы басқармасының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги