Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен «Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Мине, усы қарар тийкарында Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментин шөлкемлестириў, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыў, илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа енгизиў бойынша Атамалар комиссиясын шөлкемлестириў, мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша бағдарламалар ҳәм «Жол карта»ларын ислеп шығыў, «Қарақалпақ тили байрамы күни»н белгилеў бойынша жумысларды муўапықластырыў, сондай-ақ, 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў және тил сиясатын жетилистириў концепциясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламасын ислеп шығыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Бул ийгиликли жумыслар ҳәзирги глобалласыў ҳәм информация дәўиринде ана тилимизди таза сақлаў ҳәм оны келешек әўладқа сап ҳалында жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.