Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында «Студентлер театр студиясы» республикалық таңлаўының финаль басқышы болып өтти.

Негизинде жаслық дәўири заўықлы, юморға бай болғаны ушын ҳәр қандай кино ҳәм сахна шығармаларына арзыйды. «Студентлер театр студиясы» республикалық таңлаўы мине сондай қызықлы жойбарлардан, десек алжайпамыз.

Таңлаў Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Руўхый ҳәм ағартыўышылық орайы менен биргеликте студент-жаслардың көркем өнер ҳәм мәдениятқа болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў, олардың дөретиўшилик қәбилетлерин хошаметлеўдей мақсетлерди гөзлегени менен әҳмийетли болды. «Судентлер театр студиясы» таңланыўының биринши – факультетлераралық басқышы усы жылдың 15-17-октябрь күнлери болып өтти.

Фестиваль шеңберинде 86 жоқары билимлендириў мәкемесинен 900 ге шамалас студент-жаслар қатнасты.

Таңлаўдың екинши – аймақлық таңлап алыў басқышы усы жылдың 26-28-октябрь күнлери өткерилип, 21 жоқары билимлендириў мәкемесиниң жәмәәтлери ярым финаль регионаллық басқышында қатнасыўы ушын таңлап алынды.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң қарары тийкарында ярым финаль басқышы алты регион шеңберинде шөлкемлестирилди.

Фестивальдың финаль басқышында Қарақалпақстан медицина институты, Қаршы инженерлик экономика институты, Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институты, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, Ташкент мәмлекетлик стоматология университети, Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети, сондай-ақ, Ташкент медициналық академиясы Ферғана филиалының дөретиўши жәмәәтлери өз-ара беллести.

Жәмәәтлер тәрепинен атқарылған сахналық шығармалар студент-жаслар кеўлинде өзи туўылып өскен ўатанға муҳаббат, шаңараққа садықлық, туўрылық ҳәм уллылық сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириў, сондай-ақ, мәнаўий турмыс айнасы болған спектакльлерден унамлы жуўмақ шығарыўына хызмет ететуғыны сөзсиз.

Қарақалпақстан медицина институты «Гегия» жәмәәтиниң Сардор Ҳамроев қәлемине тийисли «Қасымдағы периштелер» спектакли таңлаўда биринши орынға ылайық деп табылды.

 

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы