Электр энергиясы тәмийнаты менен байланыслы жағдайлар бойынша «Call-Орай»дың 1154 қысқа номерине ҳәм «Telegram» тармағындағы @HET_admin администраторына мүрәжатларыңызды жоллаўыңыз мүмкин.

 

Сондай-ақ, «Ҳудудгазтаъминот» АД системасындағы диспетчерлик хызметлери тәрепинен авариялық-оңлаў топарларын оператив түрде насазлықлар жүзеге келген орынларға жиберилиўи ушын 1104 қысқа номери, +99871 2000804, +99871 2021104 телефон номерлери, «Facebook» тармағындағы «Газ таъминоти муаммолари ва уларни ҳал этиш йўллари» топары арқалы мүрәжат жоллаўға болады.

 

Соның менен бирге, төменде көрсетилген Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларында аймақлық газ тәмийнаты шөлкемлериниң байланыс номерлерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.