Жақында Нөкис қалалық Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында «Жалғызсаң, сен муққаддес Ўатан!» таңлаўының қалалық басқышы болып өтти.
Оған жигирмаға жақын қалалық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы халық ансамбллеринен, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары менен балалар көркем өнер мектеплериниң студентлери және оқыўшылары қатнасты. Таңлаў қатнасыўшыларыны шайыр, композитор ҳәм белгили көркем өнер ғайраткерлери менен бирге ислесиўи мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Онда ана-Ўатан, туўылған жерди жырлаўшы бири-биринен өзгеше жанлы ҳаўаздағы қосықлар атқарылды.
Таңлаўда Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы З.Мақсудова, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи оқыўшылары С.Тилеўмуратов, М.Бейимбетова, Н.Базарбаева, Г.Ахметова, Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Н.Төлемисов, «Илме султан» қосық ҳәм ойын халық ансамбли қосықшысы Ә.Өмирзақов, «Ақ жағыс» мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы қосықшысы Р.Юсуповлар өз таланты менен айрықша деп табылып, 15-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып өтетуғын республикалық басқышқа жоллама алды.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы