Өсимликлер карантини системасын жаңа басқышқа көтериў, сондай-ақ, аўыл-хожалығы өнимлериниң  экспорт көлемин ҳәм географиясын және де кеңейтиў мақсетинде Президентимиздиң «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик  хызметлердиң  жумысларын  және де жетилистириў  илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы тәрепинен усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў жумыслары баслап жиберилди. Атап айтқанда, республикамыздағы  экспортқа шығарылатуғын өнимлерди жетистириў, таярлаў менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерине өнимлерин дүнья базарлары талапларына муўапықластырыў, тийисли  мәсләҳәтлер  ҳәм әмелий жәрдемлер  бериў ушын  өсимликлер карантини агроном-инспекторлары бириктирилди. Олар өнимниң атыздан экспортқа шекемги басқышларында өсимликлерди зыянлы организмлерден қорғаў илажларын алып барады.

– Бүгинги күнде республикамыздың қала ҳәм районларында дийқан-фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелерине өсимликлерди  зыянлы организмлерден қорғаўда   «Өсимликлер клиникалары» өз жәрдемлерин берип келмекте.  Қарарда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын  тәмийинлеў мақсетинде   алдағы ўақытта бундай клиникалардың санын көбейтиў жумыслары  режелестирилмекте,-дейди Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының  жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша қәнигеси М.Пирниязова. – Бүгинги күнде экспорт ҳәм импорт етилип атырған карантин астындағы өнимлерди қысқа ўақыт ишинде лабораториялық тексериўден  өткериў мақсетинде  инспекциямыз  көшпели   лаборатория менен тәмийинленди.

Алдынлары агроном-инспекторлар карантин илажлары даўамында  гүманлы  жағдайларды анықласа, өсимликтен үлги алып «Ўздавкарантин» лабораториясына жиберетуғын еди. Енди көшпели лаборатория тиккелей сол орынға барып, өсимликти лабораториялық тексериўден өткереди.

Тараўдың раўажланыўы ушын бундай имканиятлардың жаратылыўы         өсимликлер карантини хызметкерлерине және де жуўапкершиликли ўазыйпаларды  жүклейди. Себеби, сапалы ҳәм фитосанитар таза өнимлерди  жетистириўде  карантин   илажларын  өз ўақтында ҳәм үзликсиз алып барыў талап етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги