Пиротехникалық қураллар жас балалалардың, ҳәттеки, жасы үлкенлердиң де денсаўлығына үлкен зыянын тийгизип, аянышлы ақыбетлерге алып келиўи мүмкин болған қурал болып есапланады.

Ҳәр жылы жаңа жыл кирип келиўи алдынан көп дәрамат табыў нийетинде айырым пуқаралар сапасы кепилленбеген усы  қураллардың саўдасы менен шуғылланады.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен пиротехникалық қураллардың нызамсыз  айланысының алдын алыў мақсетинде, алдыннан алынған мағлыўматлар тийкарында Нөкис қаласында оператив илаж өткерилди.

Илаж даўамында пуқара А.Р. 300 қутыда жәми 18 мың дана «Трения» атлы пиротехникалық қуралларды нызамсыз түрде сатып атырған ўақтында иркилди. Илаж даўам еттирилип, ол жасайтуғын шаңарақ көзден өткерилгенинде анықланған 720 дана «Трения» атлы пиротехникалық қураллар пуқараның өз ықтыяры менен илаж қатнасыўшыларына тапсырылды.

Анықланған жәми 18720 дана пиротехникалық қураллар айғақлы зат ретинде ўақтынша сақлаўға алынды.

Сондай-ақ, Нөкис қаласында және бир усындай оператив илаж өткерилди.

Пуқаралар Ж.О. ҳәм О.Б.лар тәрепинен сырт елде ислеп шығарылған «Трения» ҳәм «Британик» атлы еки түрдеги 12 мың дана пиротехникалық қуралларды 3 миллион сумға сатып атырғанында иркилди.

 

              Қарақалпақстан хабар агентлиги