Усы жыл 14-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Қарақалпақстанды 2020-2023-жыллары комплексли раўажландырыў бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, тийисли министрликлердиң басшылары, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басқарып барды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2-октябрь күни Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў бойынша белгилеп берилген ўазыйпаларға тоқтап өтти. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасын 2020-2023-жыллары комплексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылды.  Атап айтқанда, ҳәр бир қала ҳәм районның өзине тән «өсиў ноқат»лары белгиленди ҳәм тийисли жуўапкерлер бекитилди. Бул жумысларды жаңа түрде шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў бойынша Олий Мажлис Сенатында Аралбойы регионын раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша жаңа комитет шөлкемлестирилди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыўын системалы шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев бағдарлама бойынша әмелге асырылатуғын жойбарларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 2020-2022-жыллары республикамызда улыўма баҳасы 12 триллион 300 миллиард сум болған 1 мың 359 инвестициялық жойбар әмелге асырылады. Соннан 523 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестирилип, дерлик 20 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары Д.Қурбаниязов, Ш.Атаниязов, А.Данияров ҳәм З.Реймовалар белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша ҳәр бир депутаттың қала ҳәм районларға бириктирилгенлигин, бул ийгиликли ислерди әмелге асырыўда белсендилик көрсететуғынлығын билдирди.

Мәжилисте сондай-ақ, Сенат ағзалары ҳәм Жоқарғы Кеңес депутатлары шығып сөйлеп, жойбарларды әмелге асырыўда орынларда ушырасып атырған машқалалар және олардың шешими бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери