11-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде әмелий сапар менен болып турған Аўғанстан Ислам Республикасы Миллий жарасыў жоқары кеңесиниң Баслығы Абдулла Абдулланы қабыл етти.
Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў және Аўғанстандағы келиспеўшиликти тыныш жол менен шешиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы кейинги жыллары Өзбекстан-Аўғанстан қатнасықларын раўажландырыўда ерисилген пәтти қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда, экономика, инвестициялар, транспорт ҳәм логистика, энергетика, билимлендириў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда тийкарғы жойбарларды алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлер айрықша атап өтилди.
Өзбекстан Аўғанстанда регионаллық әҳмийетке ийе инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таяр екени атап өтилди.
Абдулла Абдулла шын кеўилден қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанның аўғанлараралық тынышлық сөйлесиўлерин баслаўға және халықаралық жәмийетшиликтиң Аўғанстандағы жағдайды турақлыластырыў бойынша жумысын бирлестириўге хызмет еткен ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.
Мийман Өзбекстан тәрепинен көрсетилип атырған турақлы жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм елимиздиң Аўғанстанды регионаллық саўда-экономикалық процесслерге тартыўға қосып атырған үлесин айрықша атап өтти.
Сөйлесиўлер ўақтында регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың тәреплерди қызықтырған мәселелери бойынша пикир алысылды.
ӨзА