Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сәўбетлесиў ўақтында мәмлекет басшылары еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиў «жол картасы»на киргизилген тийкарғы тармақлардағы экономикалық кооперация жойбарларын буннан былай да алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Аймақлар ҳәм бизнес дәрежесинде жедел қатнасықларды даўам еттириў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Президентлер Орайлық Азия регионындағы жағдайдың раўажланыўы бойынша, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, соның ишинде, ҒМДА ҳәм ШБШ шеңбериндеги байланысты кеңейтиў бойынша пикир алысты.
Болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режеси де көрип шығылды
ӨзА