Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Республикамызда денсаўлықты сақлаў және денетәрбия ҳәм спорт тараўларын реформалаў бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде усы системаларды шөлкемлестириў менен бирге халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге бул тараўда мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында итибар қаратылмақта.
Атап айтқанда, 2025-жылға шекем Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын, денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў 2022-жылға шекем жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белесендилиги дәрежесин арттырыў концепциялары және саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары тастыйықланды ҳәм орынлаўға қаратылды.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматына бола, физикалық белсендилик және аўқатланыў норма ҳәм қағыйдаларына әмел етпеў, қурамында дуз, қант, май муғдары көп болған тағам ҳәм кондитер өнимлерин нормадан артық пайдаланыў, сондай-ақ, жетерли дәрежеде витамин ҳәм минераллардан пайдаланбаў ақыбетинде жасларды рационал өсиў ҳәм ақылый жақтан раўажланыўда артта қалыў, үлкенлерде болса жүрек қан-тамыр, эндокрин, қәўипли өспе сыяқлы инсанның ерте өлимине алып келиўши бир қатар кеселликлердиң раўажланыўына себеп болады.
Соның менен бирге, коронавирус пандемиясы ақыбетлеринен алынған сабақлар кеселликтиң аўырлығы ҳәм өлим жағдайларының үлкен бөлеги надурыс турмыс тәризи себебинен келип шығатуғын жолдас кеселликлер менен тығыз байланыслы екенлигин көрсетти.
Халықтың саламат аўқатланыўы ҳәм физикалық белсендилигин тәмийинлеўде мәмлекетлик сиясатты буннан былай да беккемлеў, жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, ҳәр бир пуқарада саламат аўқатланыў ҳәм физикалық белсендилик мәдениятын қәлиплестириў мақсетинде:
- 1. Халықтың саламатлығын тәмийинлеў бойынша сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
а) 2021-жыл 1-июньнан баслап:
6-23 айлық балалар ушын үй шараятында таярланған аўқатларды байытыў мақсетинде микронутриент порошоги менен;
6 айлықтан 5 жасқа шекемги балалар «А» витамини менен;
2-10 жастағы балалар гельминтоз профилактикасы бойынша арнаўлы преператлар менен бийпул тәмийинленеди;
б) 2022-жыл 1-июльден баслап:
ҳәмиледар ҳәм бала емизиўши ҳаяллар және 3-15 жастағы балалар йод препараты менен;
35 жасқа шекемги туўыў жасындағы ҳаяллар темир ҳәм фолий кислотасы препараты менен бийпул тәмийинленеди;
2021-жыл 1–апрельден баслап биринши сорт бийдай уны менен бир қатарда жоқары сорт бийдай уны микронутриентлер менен байытылған жағдайда республика аймағына реализациялаўға руқсат етиледи.
- 2. Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен халықты саламат трурмыс тәризине шақыратуғын «Саламат турмыс тәризи» платформасының ислеп шығылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги усы платформаны ислеп шығыўда Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте онда, соның ишинде, инсанның дене салмағы индексин есаплаў, оның турмыс тәризин есапқа алған ҳалда күнделикли аўқатланыў нормасын усыныс етиў және пайдаланып атырған тағам, азық-аўқат өнимлери ҳәм ишимликлердиң калориясын есаплаў имканиятын беретуғын дурыс аўқатланыў бөлимин жаратсын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Э.И.Баситханова, Б.Т.Одилова, Ў.Х Адилов) «Саламат турмыс тәризи» платформасының дурыс аўқатланыў бөлимин илимий тийкарланған мағлыўматлар менен турақлы түрде толықтырып барыў ушын жуўапкер етип белгиленсин.
- 3. Балалардың 5 жасқа шекемги дәўиринде оптимал раўажланыўы ҳәм өсиўин тәмийинлеў мақсетинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын патронаждың универсал-прогессив модели 2022-жыл 1-январьға шекем басқышпа-басқыш енгизилсин:
ҳәмиледар ҳәм туўыўдан кейинги дәўирдеги ҳаяллар және 5 жасқа шекемги балалары бар шаңарақлар ушын әмелдеги штатлар шеңберинде өз алдына патронаж мийирбийкесин бириктириў;
усы патронаж мийирбийкеси тәрепинен улыўма жағдайы қанаатландырарлы ҳәм қәўипли топардағы халықты анықлаў және олардың саламатлығының улыўма жағдайын дифференциалласқан қатнас тийкарында бақлап барыў;
улыўма жағдайы қанаатландырарлы болған барлық ҳәмиледар ҳәм туўыўдан кейинги дәўирдеги ҳаяллар және 5 жасқа шекемги балалары бар шаңарақларды бирден-бир норма тийкарында тиккелей бақлаў;
руўхый түскинлик жағдайы, баланың дурыс аўқатланыўы ҳәм раўажланыўы ушын саламат орталықты тәмийинлеўде қыйыншылықлары бар қәўипли топардағы ҳәмиледар ҳәм туўыўдан кейинги дәўирдеги ҳаяллар және 5 жасқа шекемги балалары болған шаңарақлардың ҳәр бирине индивидуал реже тийкарында кеңейтилген жәрдем көрсетиў.
- 4. Сырдәрья ўәлаятының район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларында 2021-жыл 1-январьдан баслап эксперимент түринде дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризин жүргизиў бойынша арнаўлы таярлықтан өткен шыпакер ҳәм орта медицина хызметкерлеринен ибарат «Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» ханалары шөлкемлестирилсин.
«Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» ханалары:
халыққа дурыс аўқатланыў, саламат турмыс тәризи ҳәм физикалық белсендилик мәселелеринде жеке тәртипте профилактикалық илажларды алып баратуғыны;
республика бюджетинен Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылған қаржылар есабынан зәрүр материаллық-техникалық қураллар менен үскенеленетуғыны;
Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайының (кейинги орынларда – Орай) район (қала)лық бөлимлериниң штатларын қайта көрип шығыў есабынан қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Э.И.Баситханова) Қаржы министрлиги (Ж.И.Абруев) менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем эксперимент нәтийжелерин сын көзқарастан таллап, оны республиканың барлық аймақларында басқышпа-басқыш қолланыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- 5. Орай, Республикалық орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў ҳәм оларды қәнигелестириў орайы және медициналық жоқары билимлендириў мәкемелерине басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң медицина хызметкерлери ушын диетология бойынша қайта таярлаў курсларын, халық ушын аўқатланыў бойынша кеңесгөй таярлаў курсларын шөлкемлестириў ўәкиллиги берилсин.
- 6. Санитариялық- гигиеналық ҳәм кәсиплик кеселликлер илимий-изертлеў институтына қосымша түрде саламат ҳәм қәўипсиз азық-аўқат өнимлери шийки затының тийкарғы түрлерин кеңейтиў, азық-аўқат өнимлерин микронутриентлер менен байытыў, халықтың жасы, жынысы, физиологиялық жағдайы, кәсиби ҳәм кеселликлеринен келип шыққан ҳалда саламат ҳәм диеталы аўқатланыў және профилактикалық медицина мәселелери бойынша санитариялық қағыйдалар менен нормаларды таярлаў, оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў ўазыйпалары жүкленсин.
Илимий-изертлеў институты (Ў.Х.Адилов):
2021-жыл 1-февральға шекем Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усыныслары тийкарында диетолог қәнигелерин ҳәм аўқатланыў бойынша мәсләҳәтшилерди таярлаў бойынша оқыў бағдарламаларын таярласын;
2021-жыл 1-майға шекем Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети жанындағы Денетәрбия ҳәм спорт илимий-изертлеўлер институты менен биргеликте халықтың жасы, жынысы, физиологиялық жағдайы ҳәм кәсибине бола топарлар ушын усыныс етилетуғын орташа күнделикли аўқатланыў нормалары және физикалық шынығыўлар комплексин ислеп шықсын.
- 7. Орай (Б.Т.Одилова) үгит-нәсиятлаў жумысларын белгили мәденият ўәкиллери ҳәм спортшыларды тартқан ҳалда ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда видеоролик түринде, халық арасында инфографикалық тарқатпа материаллардан пайдаланған ҳалда алып барыў әмелиятын жолға қойсын. Онда, әсиресе, надурыс аўқатланыў ҳәм кем ҳәрекетлениўдиң инсан саламатлығына унамсыз тәсири, атап айтқанда оның ақыбетинде жүзеге келетуғын кеселликлер ҳәм олардың белгилери, денетәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен шуғылланыўдың инсан саламатлығына пайдасын жарытыўға айрықша итибар қаратсын.
Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги (Д.Х.Набиев), Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды системалы әмелге асырыўда Орайға жақыннан жәрдемлессин.
- 8. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов, Ж.И.Абруев) 2021-жылдан баслап дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризин жүргизиў бойынша кең көлемли үгит-нәсиятлаў жумысларын, соның ишинде, халық ҳәм медицина хызметкерлери ушын тарқатпа материалларды таярлаў және ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда шығыўларды қаржыландырыў ушын Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған есап-санақларына бола Мәмлекетлик бюджеттен қаржылар ажыратсын.
Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов) илимий-изертлеў жумысларына мәмлекет буйыртпасы талапларына муўапық жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы, атап айтқанда, саламат аўқатланыў мәселелери бойынша машқалалардың шешимине қаратылған илимий жойбарлардың таңлаўлар тийкарында қәлиплестирилиўин тәмийинлесин.
- 9. 2021/2022 оқыў жылынан баслап:
мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Жеке гигиена ҳәм денетәрбия тийкарлары» сабақларының өткерилетуғыны;
республикалық улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде оқыў сабақларын қайта көрип шыққан ҳалда 1-4-класслар ушын «Әдепнама» ҳәм «Әтирапымыздағы тәбият» пәнлери, жоқары класслар ушын «Биология» пәниниң қурамына дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша «Саламатлық сабақлары» темаларының киргизилетуғыны;
академиялық лицей, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң «Дене тәрбия» пәни шеңберинде саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша сабақлар өткерилетуғыны;
медицина техникумларында валеолог, диетолог, нутрициолог қәнигеликлерин таярлаў, нутрициолог ҳәм диетолог магистратура (интернатура, клиникалық ординатура) қәнигеликлерин 1 жыллық оқыў бағдарламалары тийкарында таярлаў жолға қойылатуғыны;
медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде бакалавриат, клиникалық ординатура, магистратура, медицина колледжлери ҳәм Әбу Али ибн Сина атындағы жәмийет саламатлығы техникумларының барлық бағдарларында дурыс аўқатланыў темалары өз алдына циклда оқытылатуғыны;
барлық қәнигеликлер бойынша врач ҳәм орта медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, қайта таярлаў курслары бойынша пән бағдрламаларына «Саламат турмыс тәризи ҳәм дурыс аўқатланыў нормалары» темаларының киргизилетуғыны белгиленсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Ш.Иноятов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған оқыў сабақларын Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усыныслары тийкарында ислеп шықсын.
- 10. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Ш.Иноятов) және Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги (Р.С.Ирматов):
а) үш ай мүддетте қәнигелик арттырыў ҳәм семинар-сабақлар өткерилетуғын орын және оларды қаржыландырыў дәреклерин анық көрсеткен ҳалда төмендеги бағдарламаларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин:
басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери, соның ишинде, көп тармақлы ҳәм шаңарақлық поликлиникалар, аўыллық врачлық пунктлерде жумыс ислейтуғын врач ҳәм орта медицина хызметкерлерин диетологияны тереңлестирип үйреткен ҳалда валеология бойынша арнаўлы таярлықтан өткериў;
улыўма әмелият шыпакерлери ҳәм орта медицина хызметкерлерин Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына тийкарланып жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы бойынша үлкен жастағы адамларға мәсләҳәтлер бериў бағдарында оқытыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан хызметкерлери және декретив топар ўәкиллери ушын дурыс аўқатланыў, саламат турмыс тәризи ҳәм санитариялық-гигиеналық көнликпелерди қәлиплестириў бойынша семинар-сабақлар өткериў;
«Саламатлық коридорлары»нда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлерин тартқан ҳалда пияда ҳәм велосипедте жүриў бойынша марафонлар ҳәм спорт жарысларын өткериў;
б) 2021-жыл 1-октябрьге шекем Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризин жүргизиў бойынша усыныслары тийкарында жуқпалы болмаған кеселликлерге байланыслы диагностика (емлеў) стандартларын ҳәм клиникалық протокол (қолланба)ларды қайта тастыйықласын;
в) 2022-жыл 1-январьға шекем мәҳәллелер кесиминде жуқпалы болмаған кеселликлер бойынша «халықтың саламатлық профили»н жаратсын ҳәм оны өзиниң рәсмий веб-сайтында жәриялап барсын. Онда, халықтың аўқатланыў характери, дене салмағы индекси, алкогольли ишимлик ҳәм темекиге ғәрезлиликтиң бар екенлиги, артериал басым, қандағы қант муғдары ҳәм холестерин дәрежеси сыяқлы көрсеткишлердиң қамтып алыныўын нәзерде тутсын.
- 11. Азық-аўқат өнимлерин қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары инсан саламатлығы ушын қәўипсиз ямаса зыянлы екенлигин көрсетиўши белгилер менен белгилеў төмендеги тәртипте еки басқышта енгизилетуғыны:
а) 2021-жыл 1-июльден баслап:
азық-аўқат өнимлерин белгилеў еркин түрде әмелге асырылауғыны;
қәўипсизлик белгиси менен белгиленген азық-аўқат өнимлериниң рекламасы жеңиллетилген тарифлер тийкарында тарқатылатуғыны (жайластырылатуғыны);
билимлендириў, спорт ҳәм медицина мәкмелеринде қәўипсизлик белгиси менен белгиленбеген азық-аўқат өнимлерин сатыўға жол қойылмайтуғыны және бундай өнимлерди реализациялаў саўда қағыйдаларын бузыў сыпатында баҳаланатуғыны;
б) 2025-жыл 1-январьдан баслап республика аймағына реализациялаў ушын алып кирилетуғын ҳәм жергиликли ислеп шығарылатуғын азық-аўқат өнимлери олардың инсан саламатлығы ушын қәўипсиз ямаса зыянлы екенлигин көрсететуғын белгилер менен мәжбүрий тәртипте белгиленетуғыны бегиленсин.
Онда, қурамында дуз, қант ҳәм май муғдарын есапқа алған ҳалда азық-аўқат өнимлериниң инсан саламатлығы ушын қәўипсиз ямаса зыянлы екенин белгилеў мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
- 12. Төмендегилер:
2020-2025-жыллары халықта саламат аўқатланыў әдетин қәлиплестириў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
2020-2025-жыллары халықта саламат аўқатланыў әдетин қәлиплестириў бойынша илажлар бағдарламасын әмелге асырыў нәтийжелилигин анықлаў индикаторлары 2-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары қабыл етилетуғын азық-аўқат санааты тараўындағы халықаралық стандартлар дизими 3-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары қайта көрип шығылатуғын азық-аўқат қәўипсизлигине байланыслы санитариялық қағыйдалар ҳәм нормалар дизими 4-қосымшаға муўапық;
усы қарардың айрықша бәнтлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша ҳәрекетлер режеси 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 14. Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы:
Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў агентлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-январьдан баслап азық-аўқат өнимлериниң сапа ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлери миллий стандартлар ҳәм нормаларына муўапықлығын және өним орамындағы мағлыўматлардың дурыс екенлигин әдил үйрениўши «Сапа қадағалаўы» телевизиялық көрсетиўиниң көрсетип барылыўын тәмийинлесин;
Аўыл хожалығы министрлиги, Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў агентлиги, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте «Азық-аўқат өнимлери сапа ҳәптелиги» илажын 2021-жылдан баслап ҳәр жылы ноябрь айында өткериўди жолға қойсын.
- 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдағы «Өзбекстан Республикасының сыртқы экономикалық жумысын буннан былай да тәртипке салыў және бажыхана-тариф жағынан тәртипке салыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3818-санлы қарарына 1-қосымшаның рус тилиндеги тексти төмендеги мазмундағы «2106 90 980 3» позиция менен толықтырылсын:
“ | 2106 90 980 3 | Микронутриенты для обогощения муки | 0 | ”. |
- 16. Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 17. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев, министрдиң орынбасары Э.И.Баситханова, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызметиниң баслығы Б.Қ.Юсупалиев ҳәм Орай директоры Б.Т.Одилова белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Туйчиевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 10-ноябрь